Интернет мағлыўматларына қарағанда, 27-июльден 28-июльге өтер түнде адамлар «Қанлы ай толыўы»ның гүўасы болады. Бул – ай өз орбитасынан бираз узақласқанда болатуғын қубылыс болып есапланады. Бул ғайрытәбийғый ўақыя ҳаққында түрли хабарлар, болжаўлар тарқалмақта ҳәм көпшилик болжаўшылардың, илимпазлардың пикирлери берилмекте.

NACA илимпазлары бул сапары ай 103 минут тутылатуғынын, ҳәдийсени Арқа Америкада, оның қубла бөлегинде жасайтуғын халық ғана көриў мүмкиншилигине ийе екенин айтпақта. KP.ru сайтында «Аспан шоусы» рекорд дәрежеде – 3 саат 56 минут даўам ететуғыны, толық фаза 1 саат 44 минут даўамланатуғыны, толық Ай тутылыўын Шығыс Африка, Жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия халқы көре алатуғыны, Европа, Шығыс Азия ҳәм Индонезияда болса, қубылыс бираз ўақыт даўам етип туратуғыны жазылған.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Астономия институтының мәлим етиўинше, 27-июль сәнесинде және бир астрономиялық қубылыс – Марс жерге 57.5 миллион километрге шекем жақынласады.

Атап өтилиўинше, аспанда Марсты бақлаў ушын 50 есе үлкейтип көрсете алатуғын телескоп жәрдеминде оның тек ғана дискин көриў мүмкин. Буннан тысқары, атмосферада шаң ҳәм бултлар болмаған ашық ҳәм таза жерлерде бақлаў алып барыўға болады. Өзбекстанда усындай орынлардан бири – Майданак таўы болып табылады. Ол жерде Улығбек атындағы Астрономия институтының обсерваториясы жумыс алып барады. Жақын күнлерде сайтымыз арқалы бул әжайып қубылыс ҳаққында мағлыўмат алыўыңыз мүмкин. Бизди бақлап барың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги