Быйылғы жылы республикамыздан «Ҳаж-2018» сапарына баратуғын бир топар жерлеслеримиз Хийўа қаласына саяхатқа барып қайтты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының, сондай-ақ пуқараларды елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасы ҳәм тәбийғый байлықлары менен таныстырыў бойынша тастыйықланған «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мннистрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети тәрепинен Өзбекстан мусылманлары мәкемеси менен биргеликте илажлар ислеп шығылды. Усыған муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынша комиссия тәрепинен усы илаж шөлкемлестирилди. Сапар даўамында жерлеслеримиз әййемги ҳәм нәўқыран Хийўа қаласының теберик орынларын зыярат етти.
Еслетип өтемиз, быйылғы жылы республикамыздан 153 пуқараның «Ҳаж-2018» сапарына барыўы күтилмекте. Олар усы жылы 7-август күни Ислам Кәримов атындағы халықаралық аэропортынан Ташкент-Мадина жөнелиси бойынша ушатуғын рейс пенен жөнеп кетеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.