Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров Корея Ресупбликасының Өзбекстан Республикасындағы Айырықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён менен ушырасыў өткерди.

Сәўбет даўамында Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы социаллық қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың перспективалы тараўлары додаланды.

Атап өтилиўинше, еки мәмлекет арасында бир қатар бағдарлар бойынша бирге ислесиў жолға қойылады. Атап айтқанда, айрықша итибарға мүтәж балалар ушын билимлендириў мәкемелеринде инклюзияны тәмийинлеў ҳәм оларға қәнигелестирилген социаллық жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларға кең қамтылған социаллық хызметлер көрсетиў, кекселер ушын узақ мүддетли күтим системасын үйрениў, социаллық жумысшылардың ҳәрекетин нәтийжели жолға қойыў, волонтёрларды социаллық жумысларға қосыў әмелиятын үйрениў ҳәм шаңарақтағы зорлық қурбанларына қыстаўлы жәрдем көрсетиў системасы менен танысыў бойынша келисимлер әмелге асырылады.

Өз гезегинде, елши мырза тәрепинен Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң тараўдың раўажланыўы жолындағы ис-ҳәрекетлери унамлы баҳаланған. Сондай-ақ, жоқарыдағы басламаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таярлық билдирилген.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў ҳәм социаллық хызмет көрсетиў бойынша перспективадағы режелерди биргеликте ислеп шығыў бойынша келисип алынған.

 

Муҳайё Тошқораева,  

ӨзА