Коррупция дүнья көлеминде шешилиўи керек болған глобал машқалалардан бири болып есапланады. Бул иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына үлкен зыян тийгизеди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң бузылыўына алып келеди. Сол себепли оған қарсы гүрес халықаралық әҳмийетке ийе болып, дүнья сиясатының әҳмийетли мәселелери қатарынан орын алған.
Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мәмлекетлердиң экономикалық ҳәм сиясий потенциалына өзиниң унамсыз тәсирин көрсете алды. Оған қарсы гүресиў, турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды.
Мине, усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен «Коррупция – мәмлекет раўажланыўына тосқынлық етиўши иллет» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Нөкис қалалық прокуратурасынан ўәкиллер қатнасып, коррупцияның келип шығыўы, оның социаллық, экономикалық ҳәм руўхый зыянлары, коррупцияға қарсы гүресиӯдиң ҳуқықый тийкарлары ҳәм механизмлери, Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүрес бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери ҳәм олардың мазмун-мәниси, тийкарғы принциплери ҳаққында мағлыўмат берди.
Ҳәммемизге белгили, 2017-жыл 3-январьда “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилип, елимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылды. Оның тийкарғы мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат болып есапланады.
Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамының 3-статьясында тийкарғы түсиниклер берилген болып, онда коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳәм мәплер соқлығысыўына байланыслы түсиниклерге сыпатлама берилген, яғный коррупция – шахстың өзиниң лаўазым ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплерин, ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыў, сондай-ақ, бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныў. Бул Нызам, өз гезегинде, пуқараларға коррупция ҳәм коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықтың не екенлиги ҳәм олардың унамсыз иллетлери ҳаққында мағлыўмат береди.
Мәмлекетимизде алып барылып атырған түпкиликли реформалар шараятында мәмлекетлик қурылыс ҳәм ҳуқықый сиясаттың мазмун-мәнисин анықластырыў, оның мақсет ҳәм ўазыйпаларын реформалардың бүгинги раўажланыўы тийкарында қәлиплестирип барыў, инсан мәплерин тәмийинлеўдиң стратегиялық жақтан жаңа қураллары менен бир қатарда, тактикалық өзгешеликке ийе болған жаңа усылларды қолланыў, шахс ҳәм жәмийеттиң мәплерин және де нәтийжелирек қорғаў, коррупцияның алдын алыўдың ҳуқықый механизмлерин жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келиўи менен белгиленеди.
Илажда 2024-жыл 5-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы Нызамының мазмун-мәниси де түсиндирилди. Нызамда мәмлекетлик уйымлардыӊ яки басқа шөлкемниӊ хызметкери, мәплер соқлығысыўы, мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша арнаўлы бөлим, жеке мәпдарлық, жақын туўысқанлар сыяқлы тийкарғы түсиниклер киргизилгенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, илаж даўамында нызамшылықты таллаў коррупция менен байланыслы қылмысларға қарсы гүресиў ҳәрекетиниң ҳуқықый тийкарлары көбирек Өзбекстан Республикасының әмелдеги Жынаят кодексинде өз сәўлелениўин тапқанлығы ҳаққында да пикирлер билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги