Футбол бойынша U-20 Өзбекстан сайланды командасы октябрь айында ФИФА күнлери шеңберинде Қубла Америкада оқыў-шынығыўларын өткереди.

Атап айтқанда, Фарҳад Нишанов басшылығындағы жас футболшыларымыз оқыў-жыйын шеңберинде  Аргентина ҳәм Уругвай мәмлекетлериниң жаслар сайланды командаларына қарсы ойынға түсиўи режелестирилмекте. Соның ишинде, Өзбекстан сайланды командасы 11-13-октябрь күнлери Аргентина, 15-17-октябрьде Уругвай жаслар сайланды командалары менен өз-ара күш сынасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы