“Ишга марҳамат” моно орайының Қоңырат филиалы имаратында “Майыплығы болған шахслардың айрықша жағдайлар ўақтында дурыс ҳәрекет етиўи ҳәм оларды қәўипсиз эвакуациялаў” атамасында семинар болып өтти.

Илаж Өзбекстан Майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы.менен биргеликте өткерилди.

Семинардың тийкарғы мақсети, таяныш ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болған шахслардың өзлери  айрықша жағдайлар ўақтында дурыс ҳәрекет етиўи, оларды қәўипсиз эвакуациялаў бойынша майыплығы болған шахслардың психологиялық таярлығын, билим ҳәм көнликпелерин арттырыў болып табылады. Сондай-ақ, илаж даўамында Айрықша жағдайлар басқармасының Қоңырат районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен көргизбели оқыў-шынығыўлары шөлкемлестирилди.

Усы мазмундағы семинар Әмиўдәрья районында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги