Венгрия пайтахты Будапешт қаласында өткерилип атырған Пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасында кеше 2-тур ойынлары болып өтти.
Дәслепки турда Тринидад ҳәм Тобаголы шахматшыларды 3,5 : 0,5 есабында жеңип шығыўға миясар болған, Владимир Крамник басшылығындағы Өзбекстан ерлер сайланды командасы 2-турда Египет сайланды командасы менен өз-ара беллести ҳәм өткен турдағы сыяқлы өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды. Шахматшыларымыз арасында Нодирбек Абдусатторов Фавзи Адҳамды, Нодирбек Якуббоев Вагих Каримди, Шамсиддин Воҳидов Самех Садекти 1:0 есабында жеңген болса, Жавоҳир Синдаров Вафа Ҳамид пенен теңбе-тең ойнады.
Ал, ҳаял-қызлар сайланды командасы болса, Ангола сайланды командасын 3:1 есабында жеңиўге еристи.
Сондай-ақ, 2-турда шахмат Олимпиадасындағы тийкарғы қарсыласларымыз Ҳиндстан сайланды командасы Исландияны 4:0, Қытай Чилиди 3,5:0,5, АҚШ Сингапурды 4:0, Армения Андорраны 3:1, Венгрия Перуди 3,5:0,5, Әзербайжан Финляндияны 3,5:0,5 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Солай етип, өткерилген еки турдан соң ерлер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командамыз 4 упай топлап, жетекши командалар қатарында бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы