Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик ветеринариялық хызметти басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ветеринария бас басқармасы тийкарында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети шөлкемлестирилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитетиниң мәлим етиўинше, бүгинги күни ветеринария хызметиниң қурамында республикалық, соның менен бирге 9 районлық мәмлекетлик ҳайўанлар кеселликлери ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги диагноз орайы, 16 районлық ҳәм қалалық ветеринария бөлими, 21 ветеринария-санитария экспертиза лабораториясы жумыс алып бармақта. Ветеринария комитети структурасында мәмлекетлик ветеринария қадағалаўы, ветеринария жумысларын координациялаў, өнимлердиң қәўипсизлиги ҳәм диагноз жумыслары секторлары, ҳайўанларды кеселликлерден сақлаў бөлимлери дүзилмекте.
Республикамызда бүгинде 1 миллион 820 мың бас қарамал, 952 мың бас қой-ешки, 20 мың 470 бас жылқы, 3,3 миллион таўық бар болып, оларда жуғымлы кеселликлердиң алдын алыў бойынша диагностикалық тексериў, профилактикалық емлеў, инвазионлық кеселликлерге қарсы дегельминтация, эктопаразитлерге қарсы ислеў бериў, шарўашылық объектлеринде профилактикалық дезинфекция, дезинсекция ҳәм дератизация жумыслары алып барылды. Усы илажларды нәтийжели өткериў ушын Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети тәрепинен 384 миллион 359,3 мың сум, жергиликли бюджет есабынан 123 миллион 471 мың сум муғдарындағы емлеў және басқа түрдеги ветеринариялық препаратлар алынды. Жеке жәрдемши ҳәм фермер хожалықларына сервис хызметин көрсетиў тармақларын кеңейтиў мақсетинде бүгинги күни 128 зооветеринария шақапшасы шөлкемлестирилди. 2017-2020-жылларда мал шарўашылығы, қусшылық, балықшылық ҳәм пал ҳәррешилигин раўажландырыў, нәсилшилик жумысларын және сервис хызметин көрсетиўди буннан былай да жетилистириў, от-жем базасын беккемлеў, шарўа малларының өнимдарлығын арттырыў, өним ислеп шығарыў көлемин көбейтиў бойынша быйылғы жылы ветеринария бөлимлерин оңлаў және үскенелеўге 662 миллион сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген. Соннан бүгинги күни Ветеринария комитети менен Қанлыкөл районлық ветеринария бөлиминиң имаратларында ремонт жумыслары алып барылмақта.
Республикамыз аймағында эпизоотикалық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитетинен 14 мотоцикл, 23 велосипед, 55 бүркегиш, 36 микроскоп, 55 дюъара ыдыслары, 92 термосумка алынып, районлық ҳәм қалалық ветеринария бөлимлерге тарқатып берилди. Ҳәр жылы ветеринария шақапшаларынан 20-25 қәниге Ташкент мәмлекетлик аграр университетин базасында кәсиплик шеберлигин арттырып келмекте.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген пәрманының әмелиятқа енгизилиўи, тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиўге, ветеринариялық әмелияттың илим менен өз-ара нәтийжели ҳәм белсенди бирге ислесиўин тәмийинлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, кадрлар потенциалының беккемлениўине ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлардың резервин жаратыў, ҳайўанлардың денсаўлығының ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўде саланың жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы