Жәҳән банкиниң Басқарыў сапасы индикаторлары – 30 дан аслам еркин дәреклер тийкарында 213 мәмлекетте мәмлекетлик басқарыў сапасы ҳәм нәтийжелилигин глобал дәрежеде үйрениўге байланыслы 6 еркин индикатордан қуралған.

Басқарыў сапасы индикаторлары Өзбекстанда халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң тийкарғы тараўларынан бири етип белгиленген.

Жәҳән әдил судлаў жойбары шөлкеми ўәкиллери менен «Өзбекстан Басқарыў сапасы индикторларында» темасында өткерилген онлайн семинарда усы ҳаққында айтылды.

Әдиллик министриниң орынбасары М.Икромов Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлардың есап бериўин ҳәм ашық-айданлығын күшейтиў ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қуралларының роли, халық ҳәм жәмйиетлик бирлеспелердиң сиясий белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған системалы жумыслар ҳаққында айтып берди.

Жәҳән банкиниң бас экономисти Басқарыў сапасы индикаторлары авторы Аарт Край индикаторларды қәлиплестириў усылы, мағлыўматларды жыйнаў ҳәм олардың исенимлилигин тастыйықлаў процесслери бойынша толық мағлыўмат берди.

Илажда қатнасқан тийисли министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллери басқарыўдың сапасы индикаторларының қәлиплестириў бағдарындағы өз сораўларын индикаторлардың авторына тиккелей жибериў имканиятына ийе болады.

Илаж даўамында Әдиллик министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен мәмлекетте басқарыў сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылган жумыслар ҳаққында презентация исленди.

Жәҳән банки ўәқиллери тәрепинен усы ушырасыўдың әҳмийети жоқары баҳаланды ҳәм келешекте нәтийжели бирге ислесиўди даўам етиўдиң әҳмийетли екени атап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА