«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖның мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Жынаят ислери бойынша ҳәм Ҳәкимшилик судлар ҳүжжетлерин орынлаў бөлиминиң, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлиминиң, бюроның ўәкиллериниң қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасы басқармасының коллегия мәжилиси болып өтти.

 

 

Мәжилисте басқарманың 2018-жылдың 1-ярым жылдағы жуўмақлары қаралып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Онда атап өтилгениндей,  2017-жылдың 1-ярым жылында жәми болып 383,7 миллиард сум әмелде өндирилгенин, бюро шөлкемлестирилгеннен соң жыл басына тең дәўирде 426,3 миллиард сум өндирилгенин, яғный жумыс нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артқанын, онда 42,6 миллиард сум артығы менен өндириў шөлкемлестирилгенин, буннан тысқары энергия ресурсларынан 2017-жылдың биринши ярымында жәми 234,2 миллиард сум, бюро тәрепинен 2018-жылдың 1-ярымында болса 290,4 миллиард сум өндирилгенин, яғный өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 56,3 миллиард сум артығы менен өндириўге ерисилгенин атап өтти.

 

 

Орынланып атырған унамлы нәтийжелерге қарамастан, Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық, қалалық бөлимлери тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер сынға алынды ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мәселелери додаланды.

Коллегия мәжилиси ендиги жағында кемшиликке жол қойылмаў зәрүрлигин атап өтип, қаралған мәселелер бойынша қарар қабыл етти.

 

Бахтияр ТУЛЕПОВ,

МОБ ҚР басқармасының  Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бойынша аға инспекторы