Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен пуқаралар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Район аймағында жынаятшылықтың алдын-алыў, ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплерин анықлаў ҳәм оны сапластырыў, жасларды қадағалаўсыз қалдырмаў, оларды пайдалы ислер менен бәнт етиў бойынша судья тәрепинен пайдалы усыныслар билдирилди.  Буннан соң, түрли ҳуқықбузарлықлар ислеген шахсларға қарата топланған ҳәкимшилик ис материаллары ашық көшпели суд процесинде көрип шығылды.

Атап айтқанда, районлық ишки ислер бөлими пробация топарында жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, исенимли түрде дүзелиў жолына өткен 2 шахс жазасынан мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етилген болса, ишиўшиликке берилип, әтираптағылардың, әсиресе, өзи жасайтуғын аймақ турғынларының тынышлығын бузып, көп шаўқым шығарып, ҳуқықбузарлық ислейтуғын 1 шахс 6 айға республикалық қәнигелестирилген наркология илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан Республикасы регионаллық филиалына мәжбүрий түрде емлениўге жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги