Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ)не ағза болыўы жолында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда көплеген халықаралық ҳүжжетлер ратификацияланып атыр.

Мәмлекетимиздиң жәҳән технология базарында өз тәсирин арттырыўы, халықаралық имиджин буннан былай да жақсылаўы ушын Гаага келисиминиң Женева актине қосылыў оғада әҳмийетли.

Себеби бул халықаралық ҳүжжет санаат өнимлерин сыртқы базарларда алға қойыўдан мәпдар болған субъектлерге миллий системаларға қарағанда санаат үлгилерин дизимнен өткериўдиң әпиўайыластырылған тәртип-қағыйдасын алыў имканиятын береди.

Усы мақсетте «Санаат үлгилерин халықаралық дизимнен өткериў ҳаққындағы Гаага келисиминиң Женева актине (1999-жыл 2-июль, Женева) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылды.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде усы ҳаққында сөз етилди.

Буннан тысқары, мәжилисте «Атқарыўшылар, фонограмма таярлаўшылар ҳәм еситтириў шөлкемлериниң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамға да итибар қаратылды.

Бул нызам ўәделесиўши мәмлекетлерде атқарыўшылар, фонограмма таярлаўшылар ҳәм еситтириў шөлкемлериниң интеллектуаллық ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.

Конвенцияны ратификациялаған тәреплер атқарыўшылар, фонограмма таярлаўшылар ҳәм еситтириў шөлкемлериниң ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеўдиң миллий режимин усыныў белгиленген.

Нызам күшке кирсе, Өзбекстан түрлес ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларды енгизиў бойынша миннетлемелерди өз жуўапкершилигине алады. Бул болса базар қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға ҳәм мәмлекетимиздиң инвестициялар тартыўын арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар миллий нызамшылықтың усы халықаралық ҳүжжетлер қағыйдаларына муўапық екенин, оларды ратификациялаўдан күтилип атырған нәтийжелер, сондай-ақ, оны кейин ала имплементациялаў механизмлерин ҳәр тәреплеме додалады.

Нызамлар Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси күн тәртибине киргизилиўи усыныс етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА