ϴзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, министрлик жанындағы Туризм комитети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, мәпдар мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилип, өткерилип атырған “Арал туризми” ҳәптелиги шеңбериндеги илажлар Мойнақ районында даўам етти.

Күни кеше Мойнақ районы сырт елли туристлер менен толды. Илаж шеңберинде районда “Эко-марафон” жуўырыў марафоны, терек егиў акциясы ҳәм “Арал балықларынан 99 түрли тағам” халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтти.

Илажларда атап өтилгениндей, Қарақалпақстанда Арал теңизиниң машқалаларына бағышланған оғада әҳмийетли илажлар өткерилмекте. Арал теңизиниң қурыған ултанынан дузлы шаңлар тарқалыўының алдын алыў мақсетиндеги әмелге асырылып атырған жумыслар 2016-жылдан басланған еди. Ҳәзирги күнге шекем 2 миллион гектардан аслам жерге сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилип, бул аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаўға ҳәрекет етилмекте. Себеби, теңиздиң қурыған ултанынан ҳәр жылы 80 миллион тоннадан аслам дузлы шаңлар тарқалып, көплеген экологиялық машқалаларды келтирип шығарып атырған еди. “Арал туризми” ҳәптелиги шеңбериндеги илажлар даўамында қәнигелер және бир мәрте бул машқала бойынша пикир-усынысларын билдирип, ҳәр қыйлы пайдалы жойбарлары арқалы қатнаспақта.

Әсиресе, туризмди раўажландырыў, суўды үнемлеўши технологиялар, қайта тиклениўши энергия дәреклери, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине үлкен итибар қаратылмақта.

Дәслеп фестиваль мийманлары Мойнақ маяги жанында салтанатлы түрде күтип алынды. Соң гастрономиялық фестиваль шеңбериндеги жуўырыў марафонына старт берилди. Жуўырыў марафонында ҳәр бир  қатнасыўшы республикамыз бойлап өткерилип атырған «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илажларға өз үлесин қосыў шәртин орынлап, финишке жетип келди. Илаж даўамында белсенди қатнасыўшылар хошаметленип барылды.

Мойнақ районында дәстүрге айланған “Арал балықларынан 99 түрли тағам” гастрономиялық фестивалы да болып өтти. Аспазлар таңлаўы даўамында ҳәр бир қатнасыўшы халқымыздың балықлардан таярланатуғын миллий тағамларын писирип, мийманларда үлкен тәсир қалдырды. Фестиваль шеңберинде өнерментлер көргизбеси де шөлкемлестирилди.



Районда вертолёт арқалы Арал теңизиниң акваториясын, район орайын, Мойнақ маягин, Бозатаў АПЖдағы “Ақ кеме” балалар орайын, Мәмлекетлик Тоғай хожалығы бағын, Қыпшақдәрья аўылындағы ыссыханаларды, Қазақдәрья аўылындағы шарўашылық комплексин барып көриў, саяхат етиў мүмкиншилиги жаратылған екен. Бир қатар сырт елли мийманлар вертолёт пенен де Мойнақ районын саяхат етти.

Сондай-ақ,  илаж даўамында райондағы билимлендириў мәкемелери тәрепинен миллий  халық ҳәм спорт ойынлары көргизбелери де шөлкемлестирилди.

Халық сейили концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев қатнасты.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги