Усы жыл 19-апрель күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде халықаралық  дәстүрий “Сүўретлеў  ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы”ныӊ жабылыў мәресими болды.

Атап өтилгениндей,  “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-куўатлаў жылы”на бағышланып өткерилген фестиваль  жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.  Оныӊ шеӊберинде балалар музыка ҳәм  көркем өнер мектеплеринде устаз  художниклер ҳәм Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери аўқамы Қарақалпақстан бөлими ағзаларыныӊ қатнасыўында ушырасыў кешелери, шеберлик сабақлары, пленэрлер  шөлкемлестирилди.

Усы күни фестивальдыӊ жуўмағына арналған  қарақалпақ художниклериниң дөретпелеринен ибарат көргизбе ашылды. Онда 13 автордың  ҳәр қыйлы жанрларда исленген 23 жумысы орын алды.  Олардан Өзбекстан көркем өнер академиясыныӊ ҳақыйқый ағзасы, Қарақалпақстан халық художниги Сарсенбай Байбосыновтыӊ  “Үстүрт ҳаўазы”, “Камалак гүллери” Қарақалпақстан халк художниги Барлықбай Айтмуратовтың  “Қорқыт баба”, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы Абдулла Раджабовтың “Канал бойында”, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Сабур Қутлымуратовтың “Жүўери орақ”, “Пахта атызларын жыйнастырыў”, Өзбекстан художниклери дөретиўшилик бирлеспесиниӊ ағзалары Әжинияз Қудайбергеновтың “Гештекке”. “Ҳүрлиман”, Аскар Джақсыбаевтың “Айба менен натюморт”, Қазақбай Хожамуратовтың “Ақ кеме”,  Василий Джапаровтың  “Бозатаў”, “Букет”,  “Суўға барған қыз”, Саидбек Сабырбаевтың “Юрта”, “Уйқы”, Мурат Жарымбетовтың “Хошласыў”, Жеткербай Айбатовтың “Көк суў аўылы”, Наўрыз Айтмуратовтың  “Қыз портрети” картиналары соның менен бир қатарда   Сарсенбай Сабырбаевтың “Аралым дәртим”, “Самал”, “Ләйли мәжнун” скульптуралары тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырады.



Картиналарда үлкемиздиң бийтәкирар тәбиятын сәўлелендирген пейзажлар, түрли реңдеги гүллерди, мийўелер сәўлелендирилген натюрмортлар, Арал теңизи ҳәм оныӊ тәғдирин сәўлелендириўши композициялар, халқымыздыӊ тарийхын,  тарийхый орынларды сөз етиўши дөретпелер менен биргеликте портрет көринислер де  авторлар дөретпелеринен шетте қалмаған.


Көргизбеден соң  Халықаралық дәстүрий  “Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы”ның жабылыў  мәресими болып өтти. Фестиваль шеңберинде болып өткен илажларда белсене қатнасқан барлық қатнасыўшылар  медаль, диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлыкланды. Атап айтқанда, Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп интернаты оқыўшысы Асемай Жумабаева, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқыўшысы Амина Турғанбаева, Нөкис қаласындағы қәнигелестирилген мәденият ҳәм қөркем өнер мектебиниӊ оқыўшысы Мияссар Қудайбергенова Өзбекстан Көркем өнер академиясы “Алтын” медалы, Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатыныӊ оқыўшысы Султанбек Айтбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти  Айтгүл Ещанова, Хожели районындағы 4-санлы  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқыўшысы Мийирбек Ембергенов Өзбекстан Көркем өнер академиясыныӊ “Гүмис ” медалы, Нөкис қалалық 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқыўшысы Сулайман Таўбалдиев, Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты оқыўшысы Нилуфар Фархатова, Қанлыкөл районы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ оқыўшысы  Жазира Жаракова Өзбекстан Көркем өнер академиясыныӊ “Қола” медалы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги