Жаңа Ташкентте экология таза, заманагөй қолайлықлар жәмленген болады

1631

Президент Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни Жаңа Ташкент қаласы аймағындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары менен танысты.

Бул жаңа қалаға 2023-жыл 18-март күни тырнақ тасы қойылған еди. Усы мүнәсибет пенен өткен мәресимде мәмлекетимиз басшысы ол “жасыл қала” болатуғынын айтқан еди. Бул ҳаўа ҳәм суўдың тазалығы, альтернатив энергия дереклери, терекзарлар көплиги сыяқлы мақсетлерди өз ишине алады. “Ташкенттиң жасыл белбаўы” жойбары усы жерден басланады. 420 гектар майданда Орайлық бағ қурылып, 200 мың түп терек егиледи.

Буның ушын жумыс ҳәзирден басланып, 50 гектар майданда нәл хана шөлкемлестириледи. Президентимиз бул жерде болып, нәллердиң сортларын көзден өткерди. Болажақ терекзарлардың лагдшафт дизайны, суўғарыў ҳәм тәрбиялаў системасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ҳәзирги ўақытта келешекте көширип өткериў ушын 27 мың түп саяманлы терек нәллери егилген. Сондай-ақ, ыссыхана, қазанхана, нәллерди сақлаў ҳәм суўғарыў системалары қурылған.

Жаңа қалада тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ушын ўақытша ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта. Президентимиз олардағы шараятлар менен де танысты.

Ҳәзирги ўақытта жеңил конструкциялардан 4 имарат ҳәм жәрдемши объектлер қурылған. Онда толық жергиликли қурылыс материалларынан пайдаланылған. Офислер “open space” усылында болып, ҳәр биринде 250 ге шекем хызметкер жумыс алып барыўы мүмкин.

Бул министрлик ҳәм уйымлардың жумысын басқышпа-басқыш усы жерде шөлкемлестириў имканиятын берип, Ташкенттеги тығылысты кемейтиўге де хызмет етеди.

Быйылғы жылдң 3-парель күни Жаңа Ташкент қаласында биринши имаратлардың қурылысы басланған еди. Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен жойбар илим ҳәм билимлендириў орайларынан басланып атырғанына айрықша итибар берип, “булар мәрипатлы жәмийет қурыў идеямыздың тийкары ҳәм үлгиси болады”, – деген еди.

Президентимиз бул комплекслердиң қурылысын барып көрди.

Усылардан бири – Өзбекстан Миллий китапханасы. 4 қабатлы комплекс өз атына сәйкес миллий дизайнда болады. Жәми 30 мың квадрат метр майданда бир ўақыттың өзинде 1 мың 420 китапқумарға сапалы хызмет көрсетиледи.

Бул жерде китапхана фондындағы әдебиятларды мүнәсип сақлаў, санаўдан өткериў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм стерилизациялаўға мөлшерленген арнаўлы әсбап-үскенелер орнатылады. Сондай-ақ, комплекс көп функциялы болады. Келиўшилер ушын 300 орынлық кафе, галерея, жеңил спорт  ойынлары ҳәм  басқа қолайлықлар шөлкемлестириледи.

– Мен алдын айтқанымдай, бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш үстинимиз бар: бири – экономика бола, бири – руўхыйлық. Руўхый уллы халық – экономикалық тәрептен де уллы болады. Билимли жаслар бабаларымызға мунәсип кең пикирли, миллий мақтанышлы, жетик  инсанлар болады. Соның ушын жаңа қаламыз қурылысын ағартыў орайларынан баслап атырмыз. Булар жүз жылға татыйтуғын руўхыйлық, ағартыўшылық, илим ошағы болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Заманагөй китапханада хызметлерлер де усыған мүнәсип болатуғыны, алдыңғы мәлимлеме технологиялары ҳәм хызметлерди жақсы билиўи керек екени атап өтилди. Соның ушын, Өзбекстан Миллий университети ҳәм басқа оқыў орынларында китапханашыларды таярлаўдың сапасын арттырыў ўазыйпасы қойылды. Мәмлекетимиздиң 14 қаласында китапхана филиалларды шөлкемлестирип, аймақлардағы халықтың да китап оқыўшыға қолайлық жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қалада Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм “Жаңа Өзбекстан” университети ушын заманагөй комплекслер де қурылмақта. Президентимиз олардың қурылыс процесин көзден өткерди.

Ҳәзирги күнде Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң жети факультети тарқақ жайласқән. Имаратлардың көпшилиги ескирген.

Соның ушын университети ушын қырық гектарлық майданда 20 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары қурылады. Сондай-ақ, 5 мың орынлық жатақхана, 300 орынлы бақша, 616 орынлық мектеп, 588 орынлық академиялық лицей, спорт ҳәм мәденият сарайлары, амфитеатр ҳәм басқа имаратларды өз ишине алады. Бир сөз бенен айтқанда, жоқары рейтингли сырт елли жоқары оқыў орынлардың тәжирийбеси тийкарында “бақша – мектеп – университети” бир пүтинлигиндеги инновациялық педагогикалық кластер шөлкемлестириледи.

Комплексте педагог ҳәм студентлер ушын ең заманагөй қолайлықлар жаратылады. Сабақлар бир сменаға өткерилиўи,  дуал билимлендириў жолға қойылыўының орнына оқыў ҳәм әмелияттың сапасында өсиў болады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген “Жаңа Өзбекстан” университети жоқары билимлендириў системасында жәна дәреже болады. Оның оқыў бағдарламалары дүнья рейтингинде жоқары орында туратуғын университетлер профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда, Германия стандартлары тийкарында ислеп шығылған.

Бул жерде оқыў тилегинде болған жаслардың саны жылдан-жылға артпақта. Бүгинги күнде комплексте мыңнан артық студент билим алмақта.

Университет ушын жаңа комплекс қурылысы үш басқышта алып барылады. Дәслеп оқыў ҳәм ректорат имаратлары қурылысы нәзерде тутылған.

Жуўмағында он мың студентти  қамтып алатуғын бес факультет, бир ўақтың өзинде сегиз мың студентке хызмет көрсететкуғын ректорат имараты бой көтереди. Китапхана, музей, көргизбе залы, мультимедиа ханасы, спорт комплекси, жүзиў бассейни шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, оқытыўшылар ушын 286 орынлық турақ жай, студентлер ушын 2 мың орынлық жатақхана қурылысы режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул комплекслердиң келешектеги әҳмийетине тоқталып, оқыў процесин ақылға уғрас шөлкемлестириўдиң әҳмийетли екенин атап өтти.

Бул ағартыўшылық орайлары – жасларымызға инвестиция. Олардағы бағдарлар, бағдарламалар, билимлендириўдиң сапасы ҳәм кәсиплерде Жаңа Өзбекстанымыздағы шеклер өз көринисин тапқан болыўы керек. Бүгин билим алып атырғван жаслар келешекте мәмлекетимизди алға баслайтуғын, машқалаларды шешетуғын “гилт”, – деди Президент.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкент қаласында транспорт инфраструктурасы ҳәм инженерлик тармақларының қурылысы менен танысты.

Бизге белгили, бул қала 1 миллион халық жасаўға мөлшерленген. Инфраструктура усыған сәйкес ҳәм узақ мүддетли болыўы керек. Соның ушын, ҳәзирги күнде үлккен көлемде жер асты инженерлик жумыслары орынланып үлкен раўажланыўға имканият жаратылмақта.

Қалада инфраструктура, турмыс ҳәм экология пропорционал болады. Мысалы, экологиялық транспорт системасы шөлкемлестириледи. Метро ҳәм электробуслар үйлесимликте ҳәрекетленеди. Транспортлар қатнаўы ушын 14 туннель, 100 мың автомобильге мөлшерленген жер асты автомобиль турар орынлары қурылады. Пиядалар ҳәм велосипедшилердиң тосықсыз ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын кең қолайлық жаратылады.

Бүгинги күнде болажақ кесилиспелерден биринде үстинлердиң тырнағын қойыў ҳәм гидроизоляция жумыслары орынланбақта. Президентимиз бул процессти көзден өткерди. Кедешекти инабатқа алып, қурылысында жоқары сапалы ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы өнимлерден пайдаланыў бойынша усыныслар берди.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта бир ҳәм еки секциялы инженерлик коллекторларының қурылысы басланған. Олар арқалы орайласқан ыссылық ҳәм суў қубырлары, электр энергиясы, телекоммуникация сыяқлы барлық инженерлик тармақлары жердииң астынан өткериледи.

Қалада заманагөй урбанизация талаплары тийкарында «ақыллы» технологиялар қолланылады. Мәмлекетимизде биринши мәрте «үш генерация» станциясы қурылады. Ақаба суў ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында қайта исленип, суўғарыў ҳәм техникалық мақсетлер ушын қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысына Жаңа Ташкенттиң биринши басқышында нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында да мәлимлеме берилди. Аукцион арқалы сатыўға шығарылған жер участкалары идеялары өзлериниң инвестициялық жойбарларын көрсетти.

Қалаға көплеген жергиликли ҳәм сыртқы инвесторлар қызығыўшылық билдирмекте. Атап атқанда, биринши басқышта 490 миллион АҚШ доллары көлеминдеги 11 көп функциялы комплекс, мийманхана ҳәм ресторанлар жойбарлары басланған. Турақ жайлар, коммерциялық орынлар ҳәм социаллық мәкемелер аймақты толықтырады. Мийманхана ҳәм ресторанлар, өзине тән дизайндағы саўлатлы имаратлар келиўшилерге жоқары сапалы хызмет көрсетиўи менен бирге қаланы туризм орайына айландырады.

Келеси жылы қаланың кейинги басқышлары ушын жер участкалары басқышпа-басқыш усыныс етиледи. Ҳәр бир басқышта, жаңа инвестициялық имканиятлар ҳәм жойбарлар бериледи. Бул, өз гезегинде, тек ғана қаланы раўажландырыў емес, ал көплеген жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли бизнести қоллап-қуўатлаўға да хызмет етеди.

Улыўма, келешекте қалада инновациялық технологияға тийкарланған, жоқары дәраматлы 200 мың жумыс орны жаратылады. Буның ушын жаңа технопарқлер, IT-парк, билимлендириў ҳәм медицина кластерлери шөлкемлестириледи.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары