Президенттиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте бүгинги күнде халықаралық қаржы институтларының қатнасыўындағы жойбарларда қурылысты баслағанға шекемги процесс узақ ўақыт алып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, техникалық-экономикалық тийкар (ТЭТ) ислеп шығыўға орташа бир жыл жумсалса, оны халықаралық шөлкемлердиң талабына бейимлестириў ҳәм келисиўге бес-алты ай кетпекте.
ТЭТи ислеп шығылмаған, анық есап-санағы жоқ жойбарларға сыртқы қарыз тартыў елеге шекем даўам етпекте.
Жойбарлаў ҳүжжетлери ҳәм тендер шәртлери пуқта ислеп шығылмағаны ақыбетинде жумысты бөлип алып ислейтуғынларды анықлаў процесслери де созылмақта.
Буннан былай ТЭТи тастыйықланбаған бирде-бир жойбарға қарыз тартыўға жол қоймайтуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, ислеп шығылған ТЭТти комплексли экспертиза ететуғын система жоқ екени сынға алынды. Буннан былай жойбарлар ТЭТи де мәжбүрий экспертизадан өткериледи.
Улыўма етип айтқанда, ҳәр бир жойбар ҳәм қаржылардың нәтийжелилиги ушын министрлер жеке жуўапкер екени белгиленди.
ӨзА