Президент Шавкат Мирзиёев 26-январь күни мектеп билимлендириўиниң сапасын жақсылаў илажларына байланыслы презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде 10 мың 284 мектеп бар. Кейинги жылларда олардағы шараятларды жақсылаў, оқыўшы орнын көбейтиў бойынша көп жумыслар исленди. Мектеплерди жылына орташа 400 мың оқыўшы питкерип атырған болса, олардың 170 мыңы билимлендириўди даўам еттирмекте. Раўажланған мәмлекетлерде 50 проценттен аслам питкериўшилер профессионал билимлендириў мәкемесине киреди.
Ҳәзирги ўақытта 208 мектептиң жоқары класс оқыўшыларын үш бағдар бойынша кәсипке үйретиў жолға қойылды. Шет тилин билиў сертификатына ийе болған мектеп питкериўшилериниң саны кейинги еки жылда 6 мыңнан 18 мыңға жетти.
Соның менен бирге, бул жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў үзликсиз процесс.
Презентацияда усы мақсеттеги илажлар додаланды.
Бүгинги күнде аймақлардағы 500 мектепте Президент ҳәм қәнигелескен мектеплердиң баҳалаў системасы енгизилген. Нәтийжеде алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жағдайды таллаў, машқаланы шешиў, жәмәәтте ислесиў сыяқлы әмелий сабақлардың үлеси 60 процентке жеткерилген.
Келеси оқыў жылына шекем бул баҳалаў системасын халықаралық тестология нормаларына бейимлестириў зәрүр екени айтылды. Мектеплердиң өзи де аккредитациядан өткериледи. Бул халықаралық баҳалаў нормаларын миллий системаға енгизиў, мектеплерди басқарыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Педагоглардың билим ҳәм шеберлиги мәселесине итибар қаратылып, қәнигеликти арттырыў орайлары ески тәризде жумыс ислеп атырғаны, илимий потенциалы жоқары емеслиги екени атап өтилди. Сол себепли 14 аймақтағы бундай орайлардың жумысын қайта көрип шығыў, муғаллимлерди кәсиплик раўажландырыў бағдарламаларын енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Мектеплерде шет тили бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў режелерин усыған сәйкеслендириў зәрүр. Шет тилин интенсив тәризде үйретиў әмелиятын да кеңейтиў керек.
Бизге белгили, елимизде жеке меншик мектеплерге имканият берилгени нәтийжесинде олардың саны көбейип бармақта. Бул мәмлекетлик мектеплерге жүлемени азайтыў ҳәм саламат бәсекиге хызмет етпекте. Сол себепли жеке меншик мектеплер ушын лицензия талапларын және де әпиўайыластырыў, кредит, салық ҳәм коммунал төлемлерден қосымша жеңилликлер бериў бойынша усыныслар билдирилди.
Жуўапкерлерге билимлендириў шөлкемлериниң жумысы ҳәм билимлендириў сапасы мониторинги платформасын иске қосыўға тапсырма берилди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, билимлендириўдиң барлық буўынларында реформаларды бирден-бир концепция тийкарында әмелге асырыў бойынша Жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. Ол бақша, мектеп, кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириўде оқыў стандарты ҳәм бағдарламаларын алдынғы тәжирийбелер тийкарында ислеп шығыўға жуўапкер болады.
Мәмлекетимиз басшысы мектеплердиң жумысында мәҳәлле баслығы ҳәм белсендилериниң орны үлкен болыўы керек екенин атап өтти.
– Мәҳәлледеги орталық, халықтың бәнтлиги көп тәреплеме жаслардың тәлим-тәрбиясына байланыслы. Солай екен, мәҳәлле баслығы ата-аналар менен бирге мектеплер турмысында белсене қатнасыўы, жаслардың билими ҳәм кәсип ийелеўине итибарлы болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳақыйқатында да, мектеп мәселеси тек ғана билимлендириў тараўының емес, ата-аналар, мәҳәлле белсендилери, пүткил жәмийеттиң иси. Себеби мектеп мәмлекет келешегиниң тийкары. «Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана» деген нақыл-мақал негизинде де әйне усы ҳақыйқат жәмленген. Сонда ата-аналар да өз перзентлери тәрбиясына және де итибарлырақ болады. Барған сайын глобалласып атырған ҳәзирги заманда бул оғада әҳмийетли.
ӨзА