2022-жылдың жуўмағына бола, Жер жүзилик туристлер шөлкеми (UNWTO)ниң мағлыўматлары бойынша Өзбекстан туризм индустриясы жедел раўажланып баратырған  дүньяның топ-20 мәмлекетлери қатарына кирген ҳәм елимиз бул көрсеткиште 4-орынды ийелеген.

Атап айтатуғын болсақ, 2022-жыл даўамында елимизге сырт еллерден 5,2 млн сырт елли туристлер келген. Соның ишинде, мәмлекетимизге Қазақстаннан 1 миллион 551 мың, Тәжикстаннан 1 млн 447 мың, Қырғыз Республикасынан 1 млн 356 мың, Россиядан 567 мың, Түркиядан 75 мың ҳәм Қубла Кореядан 19 мыңнан аслам туристлер келип елимиз бойлап саяхат еткен.

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында да туризм тараўы тез пәтлер менен раўажланып бармақта. Бизлер республикамыз бойынша 2023-жылы туризм тараўында исленген жумыслар ҳәм алға қойған ўазыйпалар менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Гүлбәҳәр Изентаева менен ушырасып, оның менен сәўбетлестик.

– Гүлбәҳәр Жоллыбаевна биз билемиз соңғы жыллары туризм тараўының раўажланыўына пүткил жер жүзиниң көпшилик мәмлекетлери сыяқлы, Өзбекстанда да үлкен итибар қаратылып, бул бойынша көплеген жумыслар исленбекте. Ал, бизиң республикамызда бул бағдарда қандай жумыслар исленбекте?

2023-жыл Қарақалпақстанда туризм тараўының раўажланыўында оғада нәтийжели жыл болып, республикамыздың туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, мәдений кеўилашар илажларды өткериў, соның менен бирге сырт ел тәжирийбелерин үйрениў бойынша жыл даўамында көплеген илажлар әмелге асырылды.

Атап айтатуғын болсақ, елимиздиң туризм имканиятларын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде март айында Германия пайтахты Берлин қаласында “ITB Berlin” халықаралық туризм ярмаркасында Туризм ҳәм мәдений мийрас министриниң басшылығында Қарақалпақстан делегациясы да қатнасып келди ҳәм Ташкент қаласында болып өткен Германия-Өзбекстан форумында Қарақалпақстанның туризм имканиятлары ҳаққында презентация өткерилди.

Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Венгрия мәмлекетлериниӊ фотографлары ушын медиатур, Ҳиндстан, Индонезия, Финляндия, Уллы Британия, Испания, Россия Федерациясы, Татарстан Республикасының “The Caspian Post”, “Lonely Planet”, “Metro TV”, “The Travel Magazine”, “Indian Express”, “Alonesia”, “Моя планета” блог, телеканал ҳәм басылымларыныӊ фотохабаршылары, журналистлери теле баслаўшылары ушын пресс-турлар шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бир қатар мәмлекетлердиӊ көрнекли веб-сайт, басылым ҳәм телеканалларында Қарақалпақстан Республикасының тарийхый орынлары, этнографиясы, экологиясы бойынша материаллар жәрияланды.





Соныӊ менен бирге, Өзбекстанныӊ Уллы Британиядағы туризм елшиси Софи Ибботсон тәрепинен Лондон қаласында Қарақалпақстанныӊ туризм потенциалы ҳаққында презентация өткерилди.

Август айында болса пайтахтымыз Нөкис қаласында Қарақалпақстанда 2023-2026-жылларда туризмди раўажландырыў стратегиясының презентациясы болып өтти.

Ҳәр қандай тараўдың раўажланыўы ушын сырт еллер менен бирге ислесиў әҳмийетли орын тутады. Республикамызда бул бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

-Дурыс айтасыз. Халықаралық бирге ислесиў бағдарында бир қатар мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилди. Атап айтатуғын болсақ, Туризм ҳәм мәдений мийрас министриниң басшылығындағы делегация Тунисте болып, бул елдиң  тараўдағы имканиятлары ҳәм мүмкиншиликлери үйренилди. Ал, министр орынбасарының басшылығындағы делегация болса, Қазақстан Республикасының Манғыстаў ўәлаятында жергиликли туроператорлар менен ушырасып, елимизде туризм тараўын раўажландырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм туристлик компаниялар ҳәм фирмаларға жаратылған шараятлар менен жеңилликлер бойынша кең түрде айтып берилди.

Өз гезегинде сырт елли туризм тараўының ўәкиллериниң де Қарақалпақстанға да сапарлары шөлкемлестирилди. Соның ишинде Қытай, Германия, Қазақстан ҳәм Түркменстан мәмлекетлериниң туроператорларына елимиздиң бир қатар туристлик объектлери менен жақыннан таныстырылды, рәсмий ушырасыўлар ҳәм бир қатар меморандум ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Ал, Уллы Британияныӊ “Bradt Travel Guides” басылымы болса, Қарақалпақстан ҳаққында туристлик каталог ислеп шығып,  бүгинги күни бул каталог Уллы Британияда сатылып атыр. Соныӊ менен бирге, елимиз  2023-жылда дүньяныӊ өзгеше 16 туристлик аймақлары қатарынан орын ийеледи. Уллы Британияныӊ белгили “Time out” басылымында Арал теӊизиниӊ бойы ҳәм Үстирт тегислигин жулдызларды бақлаў ушын дүньяныӊ ТОП-10 туристлик орынлары рейтингинде 7-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, тараўдағы кадрлардыӊ билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде, Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) менен биргеликте экскурсия бағдары бойынша семинар, Туризм бойынша шеберлик сабақлары ҳәм B2B ушырасыўы өткерилди. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде туризм лабораториясы иске түсирилди. Туризмди раўажландырыў илимий институты менен биргеликте Экотуризм кластерин жаратыў бойынша тренинг, Ташкент мәмлекетлик экономика университети менен биргеликте Сырт елли экспертлер менен веб-форумлар  шөлкемлестирилди.

Елимизге мийманларды тартыў мақсетинде, бир қатар ғалабалық мәдений-кеўилашар илажлар, атап айтқанда Мойнақ районында “NavrUz” этнофестивалы, “Rally Muynak” экстремал автомобиль жарыслары, Тахтакөпир районының Қаратерең көли бойында “Арал балықларынан 99 түрдеги тағам” гастрономиялық фестивалы шөлкемлестирилди.

– Тараўды еле де раўажландырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтсеңиз.

-Ҳақыйқатында да, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар ҳәм соңғы жылларда елимизде туризмди раўажландырыў ушын қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар тараў ўәкиллери ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын кең имканиятларды жаратып бермекте.

Буның нәтийжесинде, 2023-жыл даўамында Қарақалпақстанға 118 мың сырт елли туристлер келди. Ал, ишки туризм көрсеткиши болса, 1 милионнан асты. 2023-жылдың ақырына келип Қарақалпақстанда саяхатшыларды жайластырыў орынларының саны 101 ге жетти. Соның ишинде, республикамызда бүгинги күни 31 мийманхана, 45 қонақ үйлери ҳәм 25 хостел саяхатшыларға хызмет көрсетип келмекте. Туристлик кәрханалар саны болса 60 қа жетти.

Мағлыўмат орнында соны да айрықша айтып өтиў керек, 2023-жыл даўамында елимизге келген сырт елли туристлер саны дәслепки мәрте пандемиядан алдынғы көрсеткишлерден асып кетти. Бәршемизге белгили, “COVID-19” глобал пандемиясының нәтийжесинде пүткил дүнья бойлап туризм тараўы ең зыян көрген тараўлардан бири болып есапланады. Өз гезегинде, буның ақыбетинде Өзбекстан Республикасында да тараўға тийисли көрсеткишлер кескин түсип кеткен еди. 2019-жылы Қарақалпақстанға 104 мың сырт елли турист келген болса, 2023-жылы бул көрсеткиш 118 мыңға жетти.

Мине, елимизде және бир жыл жуўмақланып, биз сиз бенен жаңа 2024-жылдың дәслепки айында гүрриңлесип атырмыз. Басқарма тәрепинен быйылғы жылы қандай жумысларды әмелге асырыў жоабаластырылмақта?

Дурыс айтасыз, келешекте тараўды және де раўажландырыў бойынша мақсет ҳәм режелеримиз көп. Соның ишинде, туризмди республикамыз экономикасына ең көп дәрамат келтиретуғын тараўға айландырыў, үлкемизге келген сырт елли туристлер санын  көбейтиў менен бирге олардың елимизде болыў күнлерин созыў ҳәм сол арқалы туризмнен түсетуғын түсимди көбейтип барыўдан ибарат.

Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы тәрепинен бүгинги күни аймақтың туристлик потенциалы ҳәм бар  имканиятлары терең талланып, келешекте әмелге асырылатуғын тийкарғы бағдарлар анықлап алынды.

Солар қатарында:

  1. Қарақалпақстанның мәдений мийрасы, тарийхый әҳмийети ҳәм тәбийғый гѳзаллығын көрсетип бериўши өзгеше бренд имиджин ислеп шығыў, веб-сайт, социаллық тармақлар ҳәм платформалар арқалы интернетте аймақтың туристлик потенциалының сәўленениўин кеңейтиў, мақсетли маркетинг компанияларын илимий жақтан изертлеў.
  2. Туризм инфраструктурасын және де раўажландырыў. Онда, транспорт инфраструктурасы, туристлик объектлерге жетип барыўды жеңиллестириў ушын жәмийетлик транспорт ҳәм жоллардың сапасын арттырыў, аэропортларда қолайлы шараятлар жаратыў, талапқа сай дәрежедеги жайластырыў орынларының түрлерин кеңейтиў.
  3. Мәдений-тарийхый бағдар бойынша объектлерди сақлап қалыў арқалы аймақта турақлы туризмди раўажландырыў, туристлер ушын мағлыўмат бериўши мағлыўмат тахтайшалары, QR-код системасы, мобил қосымшаларын иске түсириў ҳәм туризм мәҳәллелерин шөлкемлестириў.
  4. Туристлик өнимлерди диверсификациялаў, яғный, жергиликли мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди, миллий өнерментшилик ҳәм материаллық емес мәдений мийрасларымызды сәўлелендириўши көргизбелер, фестивальлар ҳәм басқа да мәдений илажларды көбейтиў. “Adventure tourism”, яғный қызық ҳәдийсели туризм бағдарын раўажландырыў. Биз билемиз, бул жаңа туризм бағдары сырт еллерде жақсы раўажланған.
  5. Жергиликли халық пенен олардың туризм ҳаққындағы түсинигин байытыў мақсетинде, гид-экскурсовод искерлиги ҳәм мийман үйлерин ашыў бойынша семинар-тренинглерди шөлкемлестириў. Себеби, жергиликли халық туризм тараўынан ең көп пайда көретуғын ўәкиллер (бенефициар) болып есапланады.
  6. Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экотуризм жөнелисин раўажландырыў, бизди қоршап турған әтирапқа шығындыларды тасламаў ҳәм олардың тәбиятқа кери тәсирин азайтыў.
  7. Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди еледе кеңейтиў.
  8. Туристлер ушын аймақтың туристлик потенциалы ҳаққында мағлыўмат бериўши карталар, жол көрсеткишлер ҳәм жергиликли дыққатқа ылайықлы объектлер ҳаққында мағлыўматлар менен тәмийинлеў мақсетинде, “Visit center” – яғный туризм мәлимлеме орайларын шөлкемлестириў. Туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар механизмлерди жаратыў болып табылады.

-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын, рахмет!. Алдағы ийгиликли ислериңизге табыслар тилеймиз.

 

Сәўбетлескен: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы