Израильдыӊ әмелдеги бас министри Биньямин Нетаньяху үш статьяда: парахорлық, алдаўшылық ҳәм исенимди ақламаўшылықта айыпланбақта. Суд процеси келеси жылдыӊ февралында болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Израиль Жоқары судына сүйенип, “Анадолу” агентлиги хабар берди.

Газа секторындағы урыс себепли бас министр тыӊлаўларға турақлы қатнаса алмай атырғаны ушын ҳәптеде еки мәрте ушырасыўлар өткериўге қарар етилгенлиги айтылады.

Бирақ, февраль айына шекем коррупция, алдаўшылық ҳәм исенимди ақламаўда гүманланып атырған Нетаньяхудыӊ үстинен суд процеси толық иске түсирилиўи мүмкин. Сондай-ақ, ол өз мәпи ушын дәбдебели саўғалар алғанлықта гүманланбақта. Тергеўде қаржыландырыўға  байланыслы жағдайлар да орын алған. Нетаньяхуға қарсы 2020-жылдан берли даўам етип атырған суд процеси Израиль ҳәм Хамас ҳәрекети арасындағы қарама-қарсылық күшейгеннен кейин, ўақтынша тоқтатылған еди. Келеси жыл февраль айында даўам еттирилиўи күтилип атырған судта оныӊ айыплары тастыйықланса, коррупция статьясына бола ол узақ мүддет қамақ жазасына ҳүким етилиўи мүмкин. Қалған жағдайлар ушын 3 жылға шекем қамақ жазасы нәзерде тутылған. Бас министрдиӊ өзи болса айыпсыз екенин атап өтип, ҳәр үш айыплаўды бийкарлап келеди.

ӨзА