Фото: Шланга жыйнаў үскенесиҚарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Өрт қәўипсизлиги басқармасы Нөкис қалалық 1-санлы әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлиминиң нәўбетши смена баслығы, лейтенант Султан Таңирбергенов излениўшең, талапшаң жаслардан бири.
Жақында ол өрт өшириўде пайдаланылытуғын шланганы тез жыйнайтуғын арнаўлы әспаб ойлап тапты.
Әспабтың аты «Шланга жыйнаў үскенеси» деп аталып, ол тез жыйнайтуғын ҳәм аз ўақыттың ишинде көп күш сарпламастан, бир адамның өзи-ақ, жыйнаўға болады екен.
Лейтенант С. Таңирбергенов 1992-жылы Нөкис қаласында туўылған. Мектепти табыслы тамамлап (Нөкис қалалық 21-санлы орта мектеп), Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы 1-санлы академиялық лицейде оқыған. Қызығыўшылықлары оны Өрт қәўипсизлиги техникалық мектебине (ҳәзирги Өрт қәўипсизлиги институты) жетелейди.
Жас ойлап табыўшы өзи үстинде тынымсыз излениўде.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы