Газа ҳүкимети Израиль армиясын 7-октябрьден берли “фактлерди жасырыў мақсетинде Газа секторында 86 журналистти қастан өлтиргенликте” айыплады. Ҳүкиметтиң Газадағы баспасөз бөлими баспасөз  уйымларын қамаққа алынған журналистлерди азат етиў ушын Израильге басым өткериўге шақырды,- деп жазған “TRT Haber”.

ҒХҚ бөлиминиң социаллық тармақтағы бетлеринде берилген баянатта, атап айтқанда, былай делинеди:

– Фактти жасырыў, хабар ҳәм мағлыўмат кирип келиўине жол қоймаў ушын Газаға қарсы алып барылып атырған урыста 86 журналист биле тура жоқ етилди. Хабаршылар нышанға алыныўын далада жумыс алып барып атырған журналистлерди қорқытыў, тыныш турыўға мәжбүрлеўдиң басламасы ретинде баҳалаў керек. Палестиналы журналистлер мәртлик ҳәм қаҳарманлық көрсетип, гүреске мисли көрилмеген үлес қоспақта. Израиль армиясы Газаға қарсы урыс даўамында шахсы анықланған 6 журналистти қамаққа алды, бул халықаралық нызамлар, репортаж таярлап атырған хызметкердиң ҳуқықый қол қатылмаслығы менен байланыслы келисимлердиң ашықтан-ашық бузылыўы болып есапланады.

Ҳүжжетте журналистлердиң ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарсы жынаятты жәриялаўдағы роли тилге алынар екен, Палестинаның даўысын еситтирип атырған баспасөз хызметкерлери ҳәм белсендилерине шексиз ҳүрмет билдирилген. Газадағы Палестина ҳүкиметиниң журналистлерин нышанға алыў, жоқ етиў, жаралаў ҳәм қамаққа алыў жолы менен әмелге асырылған жынаятты кескин қаралағаны билдирилген. Халықаралық баспасөз шөлкемлери ҳәм кәсиплик аўқамларынан “Палестиналы журналистлерге байланыслы әмелге асырылып атырған нызамбузыўшылықты қаралаў, қамақханада сораў, қыйнаў ҳәм руўхый басымға дус келген журналистлердиң азат етилиўи ушын басым өткериў ” соралған.

ӨзА