Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына бағышланған  “Конституция — халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыстың тийкары” сүрени астында ушырасыў болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда филиал директоры, биология илимлериниң доктори, профессор А.Есимбетов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим аға прокуроры Р.Жалғасбаев,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы С.Ниязовлар сөзге шығып, жаңа редакциядағы Бас нызамымыздың мазмун ҳәм мәниси, Конституцияның шахс жәмийет турмысындағы тутқан орны, мәмлекетимиздиң айдын келешеги әмелдеги Конституция ҳәм ондағы Нызамлар менен тиккелей байланыслы екенлиги ҳаққында пикирлерин билдирди. Студент-жасларға ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырып барыў, ҳуқықый саўатлылықты буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги айтылды. Жаңа редакциядағы Конституцияда жаслар, олардың сапалы билим алыўы, оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты мәмлекеттиң қорғаўында екенлиги атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.