Ҳүжжети жоқ турақ жайларға Кадастр ҳүжжетлерин ислеп бериў ҳаққындағы хабар тарқалғаннан кейин, аймақларда жерлерди ийелеп, тезлик пенен қурылыс жумысларын алып барып атырғанларды ушыратыў мүмкин. Бул турақ жайларға да ийелик ҳуқықы ҳәм кадастр ҳүжжетлери ислеп бериле ме? 

– Ҳақыйқатында да социаллық тармақларда хабар тарқалғаннан кейин халықтың арасында оларды  “епшиллер” деп атасақ болады, тезлик пенен имарат қурып алып, бул турақ жайды 5-10 жыл алдын қурдым деп талап етсем, ҳүжжетлестирип аламан деп ойлап жүрген болыўлары мүмкин. Анығын айтқанда олар қәтелесип атыр.

Себеби, Кадастр агентлиги тәрепинен жерлердиң жағдайын үйрениў бойынша Космослық съёмкалар, карталары бар. Олардың жәрдеминде 5-10 жыл, ҳәтте 20 жыл артқа қайтарып тексериў мүмкин. Бул процесслер инсанлардың өзлерине зыян береди. Себеби, бириншиден жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алғаны, ол жерге нызамсыз қурылманы әмелге асырғаны ушын нызамшылығымызда Ҳәкимшилик жуўапкершиликтен, Жынайый жуўапкершилик илажлары белгиленген. Соның ушын бундай категориядағы адамлар ҳәзирги ўақытта өзбасымшалық пенен имарат қурып атырған болса, өз-өзинен тоқтатыўы ҳәм жерди бурынғы жағдайына қайтарыўын сораймыз.

Неъмат АТАМУРАТОВ,

Кадастр агентлиги баспасөз хызметиниң басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.