Балалык-бул инсан өмириниң ең гөззал, ең шийрин ҳәм тәкирарланбас демлери.

Балалық-бул уллы үмитлер босағасы, келешектиң бүгини, бугинниң болса ертеңи саналады. Ол соңындай дәўир, онда өткен ҳәр бир минуты, ҳәр бир секунды алтынға тең. Қысқа ғана ўақыт аралықта биз Ўатан ишинде кишкене ўатан аталмыш шаңарақтың тәәжипсиз патшасына айланамыз.

Сонлыктан да, бизде «балалалыгым-патшалығым» деген сөз бар. «Патшалықтың» салтанаты менен өсип камалға жеткенниң өзгеше заўқы ҳәм караматы бар, деседи.

Шынынанда турмыстың басқа пасылларына қарағанда балалықтың инсан өмиринде тутқан орны гиреўли. Өйткени балалық кеўлиндей пәкликти, санасындай тынықлыкты ҳеш бир нәрседе көриў мүмкин емес. Ол мисли бир жазылмаған ақ қағаз. Демек, биз усы ақ қағаз бетлерине жақсылыққа бағдарланған инсаныйлық сезимлерди алтын сыялар менен жазып барыўды баслы мақсетимиз деп билиўимиз тийис.

Балалықтың шоқлығы, ерке-ынжықлығы, бийғам демлерин әлўан түрли елеслерсиз ҳеш биримиз өмиримизди көз алдымызға келтире алмаймыз. Не қылсақта кеширилген, кеўил тасып еркелеген пайытларды әлҳаўада бәлентлерге пәрўаз еткенге мегзейсең.

Бул ең әжайып пасыл. Мисли тайыншақтай шапқылап , узақ-узақ мәнзиллерге кең жоллар менен бағдар алады. Көзде меҳир, жүзлерде садалық, кеўил болса айнадай тынық. Сол себепли, балалыктын шоклықлары, шийрин демлери бир өмир инсанға жолдас болады. Ғәрезсиз ана диярымыздың ҳәр бир перзенти бийғам, бийтәшўиш, бахытлы балалыққа ылайық болып табылады.

 

 

Гүлайым МАКСЕТОВА,
ҚМУ Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланиыслар тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги