МҚХ шегара әскерий бөлиминиң биринде хызмет етип атырған шегара қорғаўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде Хийўа қаласында жайласқан «Ишан-қала» ашық аспан астындағы музейине экскурсия шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында гид тәрепинен қала тарийхы, Хийўа ханлығы ҳалқының турмыс тәризи, орта әсирлердеги үрп-әдет дәстүрлер, мәнаўияты, ҳәкимшилик жайласыўы, ханлардың басқарыў сиясаты ҳәм рус патшалығының басып алыўы ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
– Экскурсия көтериңки кейпиятта өткерилип, қатнасыўшыларда унамлы тәсир оятыўы менен биргеликте қала тарийхы ҳаққындағы түсиниклери және де беккемленди,-дейди МҚХ Шегара әскерлери хызметкери Ҳ.Кдирбаева.
Илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги