«Исбилерменлик жумысын раўажландырыўда микрофинанслық хызметлердиң орны ҳәм үлесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-364-санлы, 10.11.2023 ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, 2024-2026-жылларда төмендеги мақсетли көрсеткишлерге ерисиўге қаратылған микрофинанслық хызметлердиң қолайлығын арттырыў бағдарламасы әмелге асырылады:
– микроқаржыландырыў базарының көлеми кеминде 5 есеге шекем арттырыў;
– микрофинаслық хызметлер менен 1 миллионнан аслам исбилерменлерди қамтып алыў;
– микроқаржы шөлкемлериниң ресурс базасында физикалық тәреплерден тартылатуғын қаржылар муғдарын 2 есеге арттырыў;
– микрофинанслық хызметлер көрсетиў арқалы рәсмий дәраматқа ийе болмаған 500 мыңға шамалас шахсларды өзин-өзи бәнт етиў ҳәм бизнести раўажландырыўға жәрдемлесиў.
2024-жыл 1-январьдан:
– микроқарыздың ең жоқары муғдары 50 миллион сумнан 100 миллион сумға шекем арттырылады;
– банк емес кредит шөлкемлердиң акционерлик жәмийети ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестириледи;
– микроқаржы шөлкемлерине резидентлерден емес сырт ел валютасында қарыз қаржыларын тартыў ҳәм юридикалық тәреплерге сырт ел валютасында финанслық хызметлер көрсетиўге рухсат бериледи;
– физикалық тәреп болған қатнасыўшылардан (акционерлерден) устав фондына (устав капиталына) киргизилге үлес суммасының ямаса олардың ийелигиндеги акциялар номинал баҳасының еки есесинен артпайтуғын муғдарда қарыз қаржыларын тартыўға рухсат етиледи;
– микроқаржы шөлкемлери тийисли лицензия алған ҳалда төлем шөлкеминиң жумысын әмелге асырыў ҳуқықына ийе болады;
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплер банк емес кредит шөлкеминиң устав капиталындағы үлеске ийелик етиў ушын Орайлық банк дәслепки рухсатын алыў талабы нызамшылықта белгиленген 10 процентлик үлесин 20 процентке арттырыў арқалы жумсартылады.
Онда алынып атырған үлес муғдары 10 проценттен 20 процентке шекем Орайлық банкин хабардар етиў тәртиби енгизиледи;
– микроқаржы шөлкемлерине коммерциялық банклерден кредит ресурслары тартылғанда ямаса исбилерменлик субъектлерине микроқаржы шөлкемлеринен микрокредит алынғанда «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ кепиллигин бериў имканияты жаратылады;
– коммерциялық банклерге микроқаржы шөлкемлерине кредит ажыратыўда олардың көрсетилген микрофинанслық хызметлер бойынша талап етип алыў ҳуқықын гиреўге алыў ҳуқықы бериледи.
2024-жыл 1-апрельге шекем микроқаржы хызметлери тараўына қәнигелескен жаңа микроқаржы шөлкеми шөлкемлестириледи.
2024-жыл 1-январьға шекем миркоқаржы шөлкемлери тәрепинен исламий қаржыландырыўға байланыслы хызметлер көрсетиўдиң нормативлик-ҳуқықый базасы ислеп шығылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги