10-ноябрь күни Кегейли районы «Халқабад» МПЖ аймағында жайласқан «Ийшан қала» тарийхый комплексинде «Мәдений мийрасқа мениң үлесим!» атамасындағы Республикалық акциясына старт берилди. Ҳәр айда өткерилиўи нәзерде тутылған бул акция Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети басламасы менен шөлкемлестирилди.


Бул акцияны өткериўден тийкарғы мақсет – республикамыз аймағында жайласқан тарийхый-мәдений мийрас естеликлерин сақлаў, оларды келешек әўладларға жеткериў, жасларға олардың келип шығыў тарийхы ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барыўдан ибарат.
Акция даўамында Тарийх факултети Археология кафедрасы оқытыўшысы С.Сайпов тәрепинен қатнасыўшыларға «Ийшан қала» комплексиниң тарийхы, жаслардың руўхый дүнясын байытыў, миллий өзлигимизди асырап-абайлаўда бул орынның тутқан әҳмийети ҳаққында қымбатлы мағлыўматлар берилди, студентлер тәрепинен бул тарийхый комплекстиң әтирапларына абаданластырыў жумыслары алып барылды.


Акцияға Тарийх факултети деканының Жаслар мәселелери бойынша орынбасары Қ.Нажимов, факултет тюторлары Б.Есемуратова, Г.Есбоганова, Тарийх факултетиниң 1-курс студентлери ҳәм Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери белсене қатнасты.

Бахытгүл Есемуратова,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Тарийх факультетиниң тюторы

Қарақалпақстан хабар агентлиги