Соңғы жыллары санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жәҳәнде жетекши орынды ийелейтуғын Америка Қурама Штатлары менен елимиз арасындағы өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте.

Рәсмий статистикалық мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы республикамыз бенен АҚШ арасындағы товар айланысының көлеми 623,9 мың АҚШ долларын қурады. Оның тийкарын товар ҳәм хызметлер көрсетиў тараўы қурап, көпшилик бөлеги «Uzkorgazchemical» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылды.

Республикамызда быйылғы жылдың 1-апрель ҳалатына АҚШтың инвестор визасының қатнасында «Asian vermiculite industrial company» ҳәм «Agro Kompleks Karakalpakstan» ЖШЖ қоспа кәрханалары дизимге алынған. Соннан бүгинги күнге «Agro Kompleks Karakalpakstan» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен гөш, бийдай ҳәм салы өнимлерин қайта ислеў бойынша жәми 1,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары болса бул бағдардағы байланысларды жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.