Усы жыл 2-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының стадионында футбол бойынша Қарақалпақстан “Кушмаг” екинши лигасы отызыншы юбилей чемпионатының финал ойыны болып өтти.

Онда Хожели районының “Хожа ели” ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командалары ушырасты.

Ойынның дәслепки минутларынан баслап еки команда ойыншылары күшли таярлықлар менен келгенлигин көрсетти. Ойында биринши болып институт командасының ҳүжимшиси Сохбет Муратов есапты ашты. Буннан кейин “Хожа ели” командасының ойыншысы Айбек Рузимов есапты теңлестирди. Биринши бөлимниң ақырғы минутларында институт командасының ойыншысы Бегзад Ибрагимов қарсыласлар командасының дәрўазасына екинши топты өткерди. Солай етип биринши бөлим 2:1 есабында жуўмақланды.








Екинши бөлимниң басында “Хожа ели” командасының ойыншысы Жамбыл Абыллаев есапты теңлестирди. Буннан кейин институт командасынан еки футболшының шетлетилиўи ойынға өз тәсирин тийгизди. Амир Абдиразиев, Нарбек Наранов ҳәм Аллаяр Реймовлар (11-метрлик жәрийма) тәрепинен урылған голлар мийманларға жеңис алып келди. Солай етип, 5:2 есабында жеңиске ерискен “Хожа ели” командасы Қарақалпақстан “Кушмаг” екинши лигасы отызыншы юбилей чемпионатының жеңимпазы болды.











-Мәўсим даўамында  футболшыларымыздың жақсы ойын көрсетиўи нәтийжесинде чемпионлықты қолға киргиздик,-дейди “Хожа ели” командасының сәрдары Аллаяр Реймов.-Бизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған Хожели районы ҳәкимлигине, қәўендер мәкемелерге ҳәм көп санлы жанкүйерлеримизге миннетдаршылық билдиремиз.

Ойыннан соң футболшыларды сыйлықлаў мәресими болды. Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, футболшыларды әжайып ойыны менен қутлықлады. Оларға диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы