Өзбекстанда кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң орташа айлық мийнет ҳақысы 4,4 миллион сумды қурады.
Статистика агентлигине бола, 2023-жылдың январь-сентябрь айларында дизимге алынған бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 18,1 процентке артқан.
Аймақлар бойынша ең жоқары көрсеткиш Ташкент қаласында бақланды – дерлик 7,2 миллион сум. Оннан кейинги орынларда Наўайы (5,7 миллион сум) ҳәм Ташкент ўәлаятлары (4,4 миллион сум) ийеледи.
Ең аз орташа айлық мийнет ҳақы Қашқадәрья ўәлаятына туўра келеди – 3,2 миллион сум. Самарқанд, Сурхандәрья, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында да төмен көрсеткиш бақланған.
Аймақлар кесиминде орташа айлық мийнет ҳақы төмендегише:
- Ташкент қаласы — 7 186 900;
- Наўайы ўәлаяты — 5 750 300;
- Ташкент ўәлаяты — 4 419 200;
- Әндижан ўәлаяты — 3 850 400;
- Бухара ўәлаяты — 3 785 800;
- Хорезм ўәлаяты — 3 649 300;
- Қарақалпақстан Республикасы — 3 638 200;
- Сырдәрья ўәлаяты — 3 533 600;
- Жиззақ ўәлаяты — 3 388 400;
- Ферғана ўәлаяты — 3 340 400;
- Сурхандәрья ўәлаяты — 3 314 200;
- Самарқанд ўәлаяты — 3 298 900;
- Наманган ўәлаяты — 3 258 800;
- Қашқадәрья ўәлаяты — 3 200 8
Экономикалық жумыс түрлери бойынша орташа айлық мийнет ҳақысының ең төмен көрсеткиши қаржы ҳәм қамсызландырыў тараўына туўра келип, 12,7 миллион сумды қурады.
Билимлендириў (3 миллион сум) ҳәм денсаўлықты сақлаў және социаллық хызметлер көрсетиў (2,9 миллион сум) басқа тараўларға салыстырғанда төменги орынларда екени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги