Статистика агентлигиниӊ дәслепки мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ январь-сентябрь айларында Өзбекстан Республикасыныӊ экономикалық жағдайы санларда:

– жалпы ишки өнимниӊ өсиў пәтлери – 105,8 %

– санаатта өндиристиӊ физикалық көлеминиӊ индекси – 105,7 %

– қурылыс жумыслары көлеминиӊ өсиў пәтлери – 105,6 %

– усақлап сатыў товар айланысыныӊ өсиў пәтлери – 107 %

– базар хызметлери көлеминиӊ өсиў пәтлери – 112,1 %

– аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығыныӊ өсиў пәтлери – 104,1 %

– сыртқы саўда айланысыныӊ өсиў пәтлери – 122,1 %

– экспорттыӊ өсиў пәтлери – 123,5 %

– импорттыӊ өсиў пәтлери – 121,2 %

– жумыс алып барып атырған кәрхана ҳәм шөлкемлердиӊ саны – 486 232

– транспортта жүк тасыўдыӊ өсиў пәтлери – 100,1 %

– транспортта жолаўшы тасыўдыӊ өсиў пәтлери – 105,4 %

– халықтыӊ реал улыўмалық дәраматларыныӊ өсиў пәтлери – 103,5 %

– турақлы халықтыӊ саны (2023-жыл 1-октябрь жағдайына) – 36 599,8 мыӊ адам.

Қарақалпақстан хабар агентлиги