Халықтың жан басына есапланған ЖИӨ көлеми ағымдағы баҳаларда 20,7 миллион сум (1 789,5 АҚШ доллары)ды қурады.
2023-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстанда жалпы ишки өнимниң (ЖИӨ) көлеми ағымдағы баҳаларда 751 триллион сумды қурады.
Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларына қарағанда, бул орташа алмасыў курсы (11 556,2 сум) бойынша дерлик 65 миллиард АҚШ долларға тең.
Атап өтилиўинше, бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 5,8 процентке өскен.
2023-жылдың январь-сентябрь айларында халықтың жан басына есапланған ЖИӨ көлеми ағымдағы баҳаларда 20,7 миллион сум (1 789,5 АҚШ доллары)ды қурап, 2022-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 3,6 процентке артқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги