Соӊғы жыллары аўыллық жерлердеги жол-транспорт инфраструктурасы, социаллық тараў объектлеринде кеӊ көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдарда мәмлекетимиздиӊ барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар, жаӊаланыўлар, өзгерислерди Әмиўдәрья районы Қылышбай аўылы турғынларыныӊ турмысынан да көриўге болады.

“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлиминиӊ “Абат мәҳәллем” атамасындағы мәмлекетлик грант жойбарыныӊ ис-режесине муўапық бирге ислесиўшилери  – Экологиялық партияныӊ районлық Кеӊеси, партиядан сайланған районлық Кеӊестиӊ депутатлары ҳәм районлық телевидение редакциясы менен биргеликте аўылда үйрениў жумысларын алып барды.

Илаж даўамында  халықтыӊ арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардыӊ медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў, аймақта абаданлықты тәмийинлеў жумыслары көзден өткерилди. Сондай-ақ, пуқаралар жыйыны тәрепинен қоршаған орталықты қорғаў, аўылдыӊ санитариялық жағдайын жақсылаў бойынша алып барып атырған жумыслары үйренилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги