Статистика агентлигиниӊ дәслепки мағлыўматларына бола, Өзбекстанда 2023-жылдыӊ январь-сентябрь айларында ири кәрханалар тәрепинен шама менен 4,5 млн тонна көмир қазып алынған.

Көмир қазып алыў көлеми 2022-жылдыӊ сәйкес дәўири менен салыстырғанда 14,5%ке артқан.
Өзбекстанда 2023-жылдыӊ сентябрь айында ири кәрханалар тәрепинен 685,6 мыӊ тонна көмир қазып алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги