Өзбекстан Республикасы ҳүкимети делегациясы рәсмий сапар менен Чехия Республикасында болып тур.
10-октябрь күни Чехия ҳүкимети үйинде Өзбекстан Республикасы ҳүкимети делегациясын рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Бас министр Абдулла Арипов Чехия Республикасы Бас министри Петр Фиала басшылығында еки мәмлекет ҳүкимет делегацияларының ушырасыўы болып өтти.
Чехия Бас министри Петр Фиала мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда алып барылып атырған реформаларды алғыслайтуғынын мәлим етти.
Шынында да, кейинги жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде экономиканы либералластырыў, базар механизмлерин беккемлеў, банк тараўын раўажландырыў, меншиклестириўди кеңейтиў, ҳуқықый қорғаўды күшейтиў ҳәм коррупцияға қарсы гүрес бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Өз гезегинде, бирдей мақсетлер ҳәм әлбетте, Өзбекстандағы унамлы өзгерислер сырт елли, соның ишинде, чехиялы бирге ислесиўшилер ушын мәмлекетимиздиң тартымлылығын арттырмақта. Оны усы жылдың 24-25-апрель күнлери Чехия Бас министри басшылығындағы делегацияның елимизге сапары шеңберинде ерисилген келисимлер де тастыйықлайды.
Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы жумыслардың жағдайы ҳәм келешектеги ўазыйпалар көрип шығылды.
Бүгин Өзбекстанда Чехия капиталының қатнасыўында 50 ге шамалас кәрхана жумыс алып бармақта. Санаат кооперациясын раўажландырыў мәмлекетлеримиз ушын бирдей пайдалы болады.
Атап өтилгениндей, усы жылдың январь-август айларында өз-ара саўда көлеми дерлик 2,5 есеге өсти. Оған Өзбекстан Европа Аўқамы Преференциялар бас системасына («GSP +») қосылғаны да жәрдем берди. Бирақ, бул көрсеткиш ҳәзирги потенциалға сәйкес емеслиги, өз-ара саўдадағы дисбалансты дурыслаў бойынша жедел ислеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өзбекстан Европа Аўқамының жоқары стандартлары ҳәм техникалық регламентлерине сәйкес келетуғын таяр өнимлерди экспорт етиўден мәпдар.
Усы көзқарастан, мәмлекетимизде ислеп шығарылған санаат өнимлериниң Европа базарларына шығыўында бирден-бир «СЕ» (Certification Europe) белгиси менен сертификатлаў мақсетинде сынақтан өткериў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда инвестиция, қурылыс, аўыл хожылығы ҳәм азық-аўқат санааты, транспорт, бәнтлик, билимлендириў, медицина, туризм сыяқлы бир қатар бағдарлар бойынша өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм оны және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Чехия Республикасының Брно қаласында өткерилген халықаралық санаат көргизбесинде Өзбекстанның экспорт потенциалы таныстырылды.
Чехия Республикасы Бас министри Петр Филаның мирәт етиўине бола ҳәзирги ўақытта бул мәмлекетте рәсмий сапар менен болып турған Өзбекстан Республикасы ҳүкимети делегациясы Брно қаласында дәстүрий түрде 60 жылдан берли ҳәр жылы өткерилип киятырған «MSV 2023» халықаралық санаат көргизбесинде қатнасты.
Оның рәсмий ашылыў мәресиминде Бас министр Абдулла Арипов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында сырт ел инвесторлары, саўда-сатық жумыслары, компаниялар арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын қолайлы имканиятлар жаратылғаны ҳаққында мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлер өзлериниң ҳәр қыйлы тараўлардағы потенциалын көрсетиў, сырт ел инвесторларын миллий экономикасына тартыў, жаңа шериклерди табыў ҳәм перспективалы келисимлерге ерисиўде мине усындай, абырайлы халықаралық көргизбелер әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, бул көргизбеде 43 мәмлекеттен 1 мың 260 компания қатнаспақта. Өзбекстан Республикасы делегациясы бундай ири форматтағы көргизбеде айрықша стенд пенен биринши мәрте қатнасып атыр.
«Made in Uzbekistan» миллий стендинде мәмлекетимиздиң металлургия, автомобиль қурылысы, электротехника, химия санааты, қурылыс материаллары нислеп шығарыў бағдарындағы санаат потенциалынан үлгилер сәўлелендирилген.
ӨзА