Айырым мәмлекетлердиӊ орайлық банклери август айында избе-из үшинши ай алтын резервлерин толықтырды.
Халықаралық алтын кеӊеси (WGC) мағлыўматларына бола, алтынға қарыйдар мәмлекетлердиӊ орайлық банклери ай даўамында глобал рәсмий резервлерге 77 тонна алтын қосқан. Бул болса июль айындағы сатып алыўдан 38 процентке көп,- деп мәлимлеме береди xabar.uz
Cоӊғы үш ай ишинде олардыӊ улыўмалық таза сатып алыўы 219 тоннаны қурады (апрель ҳәм май айларындағы улыўма сатыўлар 96 тонна болған).
Алтын сатып алыў бойынша, есабат дәўиринде, Қытай Халық банки өз резервин 29 тонна алтын менен толықтырып бириншиликти, Польша (18 тонна) ҳәм Түркия (15 тонна) болса кейинги орынларды белгилеген.
Қытай халық банки, усылайынша жыл басынан берли жәми 155 тонна, сатып алыў бойынша мағлыўматларды ашық жәриялай баслаған 2022-жылдыӊ ноябрь айынан берли болса жәми 217 тонна алтын сатып алған.
Өзбекстан Орайлық банки болса август айында 9 тонна алтын сатып алып 4-орында.
Статистика агентлиги алдынырақ август айында Өзбекстан сырт елге алтын сатыўды тоқтатқаны ҳәм жыл басынан берли баҳалы металлар экспортынан 5,63 миллиард доллар дәрамат көргени ҳаққында мағлыўмат берген еди.
Мағлыўмат ушын, август айындағы сатып алыўларда Россия (3 тонна), Ҳиндстан (2 тонна), Чехия (2 тонна), Сингапур (2 тонна) ҳәм Қырғызстан (1 тонна) да дизим басында белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги