МҒКАде Өзбекстан республика товар-шийки зат биржасы АЖ басшылығының қатнасыўында өткерилген баспасөз конференциясында усы бағдарда әмелге асырылған жумыслардың 9 айлық жуўмақлары ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
2023-жылдың 9 айлық жуўмақларына бола, Өзбекстан республика товар-шийки зат биржасының барлық саўда платформаларында дүзилген келисимлердиң улыўма көлеми 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 4%ге өсип, 103,3 трлн сумды қурады.
Дүзилген келисимлердиң дерлик 70% и биржа саўдаларына, қалған бөлеги, яғный 30% электрон коммерциялық саўда системаларына туўра келген.
2023-жылдың январь-сентябрь айында биржаның мәмлекетлик сатып алыў бойынша xarid.uzex.uz электрон саўда системасында дүзилген келисимлердиң улыўма көлеми 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 23%ге көбейип, 30,4 трлн сумды қурады.
Онда бюджет ҳәм корпоратив буйыртпалар қәрежетлериниң үнемлениўи 35,4% ге өсип, 5,2 трлн сумға тең болды.
2023-жылдың 1-июлинен баслап Өзбекстан республика товар-шийки зат биржасының avtoraqam.uzex.uz электрон саўда системасы арқалы сатылатуғын автономерлердиң басланғыш баҳаларына өзгерислер киргизилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги