Бәршемизге белгили, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында туризмниӊ бир қатар бағдарлары жедел раўажланып келмекте. Қарақалпақстанныӊ қубла аймақларында жайласқан әййемги қалалар ҳәм Нөкис қаласындағы дүньяға белгили И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи Тарийхый мәдений туризм, Арал теӊизи ҳәм Үстирт платосы Экотуризм, жергиликли мәденият ҳәм үрип-әдетлерди айқын сәўлелендириўши Шымбай районыныӊ өнерментлери болса Этнотуризмниӊ тийкарғы туристлик орынлары болып есапланады. Мине усы туристлик бағдарлар қатарында Гастрономиялық туризм де үлкен әҳмийетке ийе болып, қарақалпақ халқыныӊ миллий асханасыныӊ өзине тән болған тәреплери менен ажыралып турады.

Қарақалпақстанныӊ гастрономиялық туризм потенциалын кеӊнен үгит нәсиятлаў мақсетинде Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниӊ басламасы менен 2017-жылдан берли “Арал балықларынан 99 түрдеги тағам” гастрономиялық фестивалы өткерилип келинбекте. Бул илаж тек ғана миллий балық тағамларын үгит нәсият етип қоймастан, аймақтыӊ басқа туристлик бағдарларында да жергиликли ҳәм сырт елли туристлерде қызығыўшылық оятады. Кеӊ көлемдеги фестиваль дәслеп Қарақалпақстанныӊ өзгеше туристлик мәкәни болған Мойнақ районында басланды ҳәм соңынан пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилди. Бесинши мәрте шөлкемлестирилип атырған быйылғы фестиваль Тахтакөпир районына көширилди.

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, “O‘zbekbaliqsanoat” бирлеспеси, Мәденият министрлиги, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги ҳәм басқа да бир қатар мәкемелердиң шөлкемлестириўинде республикамызда еки күн даўамында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық ҳәм «Аббаз ҳаўазы – Қаратерең намалары» фольклор фестивалы болып өтти.

Илаждың биринши күнги тамашалары Тахтакөпир районынындағы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өткерилди.

Әжайып көриниске ийе «Белтаў» бойы ҳақыйқый байрамға айланды. Илаж қатнасыўшылары шебер аспазлар тәрепинен таярланған балық тағамларының, миллий өнерментшилик, қол мийнети үлгилериниң көргизбелери менен танысты. Катерлерде саяхат етип, көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасын тамаша етти.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген таңлаўға Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм ўәлаятлардан жәмийетлик аўқатланыў кәрханаларынан 60 тан аслам аспаз, улыўма били бериў мектеплеринен бир қатар шебер аспазлар, оқыўшы жаслар, үй бийкелери өзлериниң балықтан таярланған 120 түрли тағамы менен қатнасты.

Байрам тамашаларына елимиздиң көплеген жерлеринен мийманлар, шет еллерден туристлер қатнасты.

— «Тахтакөпир районында өткерилип атырған «Арал балықларынан 99 турли тағам» фестивалы жүдә әжайып болып өтти. Бул жерге Қарақалпақстанның көп ғана районларынан келген адамларды көрип жүдә қуўандым. Аўқатлары, миллий қосық ҳәм аяқ ойынларын көрип жүдә қуўанышлы болдым» — дейди, Германия бирге ислесиў халықаралық шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасындағы бас координаторы Ю.Фелтон.

Фестиваль шеңберинде ортаға от жағылып, бақсы, жыраў, ақын ҳәм қыссаханлардың қатнасыўында «Қур» мәдений илажы өткерилди. Онда миллий көркем өнеримиздиң әзелий қәдирятлары және бир мәрте жаңлады.

«Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалында өткерилген аспазлар беллесиўиниң жеңимпазлары анықланды. Оған бола, биринши орынды М.Даўлетмуратова (Нөкис қаласы), екинши орынды У.Сейтбаева (Мойнақ районы), үшинши орынды болса Ш.Хусенов (Наўайы ўәлаяты), Э.Атажановлар (Елликқала районы) ийеледи. Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Автордың түсирген сүўретлери)