Статистика агентлигиниӊ мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ январь-август айларында 8 163 Өзбекстан Республикасы пуқаралары АҚШқа туристлик мақсетлерде сапарға шыққан.

2023-жылдыӊ 8 айында Өзбекстаннан АҚШқа туристлик мақсетлерде сапар еткен пуқаралардыӊ тийкарғы сапар мақсетлери:

дем алыў ушын – 5 233;

жақынларын көриў ушын – 2 432;

оқыў ушын – 423;

басқа мақсетлерде – 75.

Қарақалпақстан хабар агентлиги