Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 14-сентябрь күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзада ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.



Өзбекстан Президентиниң Душанбеге сапары Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыўдан басланды.

Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Жоқары дәрежедеги келисимлер орынланыўының әмелий өзгешеликлерине, бәринен бурын, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Бул бағдарда биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып барып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыўда мәмлекет басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қоры саммитиниң күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша пикир алысты.

Регионаллық бирге ислесиўдиң басқа тәреплери де көрип шығылды.



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Душанбе қаласында өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының бесинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасты.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның басшылығында өткен саммитте Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, ҳүрметли мийман сыпатында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили – Орайлық Азия ушын превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орай басшысы Каха Имнадзе де қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, регионда көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, сиясий қарым-қатнасты раўажландырыў, саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў, қәўипсизлик тараўындағы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы илаж көриў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде регион еллери арасында исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы улыўма ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.

– Улыўма ҳәрекетлеримиз себепли турмыслық әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм бирге ислесиўимизди сапа жағынан жаңа мазмун менен толықтырыў бағдарында исенимли түрде алға илгерилеўге еристик. Бизиң сиясий сөйлесиўлеримиз ҳәм парламентлераралық алмасыўлар турақлы түрге енбекте. Қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў ушын ҳәр қыйлы платформалар иске қосылды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Орайлық Азияда турақлылық ҳәм тилеклеслик беккемленип атырғаны тийкарғы нәтийже сыпатында атап өтилди. Регионымыз экономикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендилик орайларынан бирине айланбақта. Батысты Шығыс ҳәм Арқаны Қубла менен байланыстыратуғын транспорт хабы болыўдай тарийхый ўазыйпаны және өз мойнына алмақта.

Глобал процесслердиң регионның турақлы раўажланыўына тәсири терең талланып, бундай қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы турыў имканияты көп тәреплемели шерикликти тереңлестириўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлерди бирлестириўге байланыслы екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Президенти Орайлық Азия мәмлекетлериниң бирге ислесиў перспективалары бойынша бир қатар усынысларды билдирди.

– Саўда-экономикалық бирге ислесиў регионаллық шериклик ҳәм интеграцияның тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Биз бул бағдарла регион еллери менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ушын Өзбекстанда барлық зәрүр шараятларды жаратпақтамыз,-деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Товар айланысы көлемин арттырыў мақсетинде бурынғысынан өзгеше түрде ҳәм шеклеўлерсиз толық еркин саўда зоналарын тезирек қәлиплестириў усыныс етилди.

Усы мүнәсибет пенен регионда турақлы саўда-логистика шынжырларын қәлиплестириў, шегара алды аймақларында саўда ҳәм кооперациялық орайларды ашыў ҳәм кеңейтиў, өз-ара саўда бойынша нызамшылықты бейимлестириў ҳәм бул бағдардағы тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана ҳәкимшилиги, санитариялық ҳәм фитосанитариялық қадағалаў, товарлардың қайсы жерден алып келинип атырғанын сертификатлаў бойынша бирден-бир электрон платформалар жаратыў, регионаллық электрон саўда майданын иске қосыўды нәзерде тутатуғын комплексли регионаллық бағдарламаны қабыл етиў зәрүр.

Регион еллери арасында санаат кооперациясын раўажландырыўға тоқтап өтип, Өзбекстан Президенти жеңил автомобильлер, турмыслық техника, тоқымашылық өнимлери ҳәм азық-аўқат товарларын ислеп шығарыў, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Әзербайжан менен шегара алды аймақлары кооперациясын табыслы шерикликке мысал сыпатында атап өтти.

^шинши мәмлекетлерге экспорт етиўди гөзлеген ҳалда минерал төгинлер, полимерлер, металлдан таяр буйымлар, таяр тоқымашылық ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм ири өндирислик жойбарларды әмелге асырыў бойынша перспективалы бағдарлар болыўы мүмкин.

Биргеликтеги ҳәрекетлерди системалы түрге енгизиў ушын Орайлық Азия мәмлекетлериниң узақ келешекке мөлшерленген санаат кооперациясын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў усыныс етилди.

Транспорт жағынан өз-ара байланыслылық  мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тийкарғы сыртқы базарлардан географиялық жақтан узақлығын есапқа алғанда, мәмлекетлеримизде жүклерди тасыў ушын кететуғын қәрежетлердиң үлеси товарлардың соңғы баҳасына қарағанда 50 процентке шекем жетип атырғаны атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта дүньядағы орташа көрсеткиш 11 проценттен аспайды. Нәтийжеде экономикамыз раўажланған мәмлекетдегилерге қарағанда 2-3 мәрте көп транспорт қәрежетин көтериўге мәжбүр болмақта.

Мәмлекетлеримиздиң транспорт тараўындағы потенциалын және де арттырыў мақсетинде тармақ министрлериниң ушырасыўлары шеңберинде Орайлық Азияда Транспорт ҳәм транзит ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, бизнес ушын қолайлы болған аралық тарифлерди қолланған ҳалда, Қытай, Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс сондай-ақ, Европа Аўқамы мәмлекетлериниң базарларына шығыў ушын нәтийжели транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша анық механизмлерди қәлиплестириў усыныс етилди.

Буннан тысқары, Транспорт хызметлери базарын либералластырыў ҳәм руқсат етиўге байланыслы тәртип-қағыйдаларды оптималластырыў илажларының бағдарламасын таярлаў сондай-ақ, Халықаралық тасыўлардың интеграцияласқан санлы платформасын жаратыў мәселесин көрип шығыў усынысы алға қойылды.

– Тилекке қарсы, регионда энергетика инфраструктураларын раўажландырыў пәнтлери санаатласытырыў ҳәм урбанизация процесслери, сондай-ақ, демографиялық өсиўден артта қалмақта. Ҳәзирги күнде бул мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўы жолындағы үлкен қәўип болып есапланады, – деп энергетик қәўипсизликти тәмийинлеўдеги машқалаларға итибар қаратты мәмлекетимиз басшысы.

Тармақ министрликлери ҳәм миллий компанияларымыздың геология-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы кәнлерди өзлестириў, энергия ресурсларын сақлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша ҳәзирги инфраструктураларды кеңейтиў ҳәм заманагөй инфраструктураларды жаратыў тараўындағы бирге ислесиўин және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, электр энергиясын жеткерип бериў ушын жаңа магистраль тармақларды қурыў бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарына айланыўы керек.

Соның менен бирге, энергия дәреклерин диверсификацияламастан, қолайлы энергетика тараўына инвестиция ҳәм технологияларды тартпастан ҳәм «жасыл» водородты ислеп шықарыўды жолға қоймастан турып, регионды турақлы раўажландырыў мүмкин емес екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти тәрепинен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги әззи ноқатлар көрсетип өтилди. Олар – аграр сектордың илимий-технологиялық жақтан жетерлише раўажланбағаны, суў ресурслары бағдарындағы айрықша тамтарыслық, қосымша қун жаратыўдың узақ ҳәм нәтийжесиз шынжырлары, климат кризиси ҳәм логистикадағы үзилислер алдындағы турақсызлық, саламат аўқатланыў мәселелери.

Бул тараўда ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми жәрдеминде регионаллық Шериклик бағдарламасын таярлаў зәрүр. Мәмлекетлеримиз азық-аўқат өнимлери менен тек ғана регионның ишки базарындағы талапларды толық қаплаў емес, ал оларды экспорт етиўдей әҳмийетли имканиятқа де ийе болып табылады.

– Климат өзгерислери менен байланыслы қәўиплерге қарсы гүресиў регионның турақлы раўажланыўын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторына айланбақта. Усы мүнәсибет пенен, келеси жылы бәҳәр мәўсиминде Самарқандта Орайлық Азиядағы климат өзгерислерине бағышланған халықаралық форум өткермекшимиз,-деп, мәмлекетимиз басшысы регион мәмлекетлериниң делегацияларын усы форумға мирәт етти.

Климаттың турақлылығын ҳәм «жасыл» раўажланыўды тәмийинлеўге әмелий үлес қосыў мақсетинде Климат өзгериўлерине бейимлесиў мәселелери бойынша регионаллық стратегияны қабыллаў басламасы билдирилди.

Регионның климатқа байланыслы бир күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм биргеликте тәсиршең илажларды қабыл етиў ушын биз экология министрлери дәрежесинде «Климат бойынша Орайлық-Азия қарым-қатнасы» көп тәреплемели платформасын шөлкемлестириў усыныс етилди.

– Улыўмалық тарийх, үрп-әдет, мәденият ҳәм қәдириятларға – Орайлық Азияның теңсиз цивилизациясының уқсаслығы ҳәм ҳәр түрлилигине тийкарланған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бизиң ең әҳмийетли дәстүрий тийкарғы бағдарымыз болып есапланады,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин тереңлестириў бойынша Ҳәрекетлер режесин қабыл етиў усыныс етилди.

Ҳәзирги ўақытта бизиң бийбаҳа мәдений-тарийхый ҳәм руўхый мийрасымызды халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қураллары ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлер, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының имканиятларынан белсене пайдаланыў зәрүр.

Улыўма регионаллық контентти қәлиплестириў ушын илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин тартқан ҳалда «Орайлық Азия тарийхы ҳәм мәдениятыҮ бирден-бир өтмиш ҳәм улыўмалық келешек» халықаралық медиа платформасын жаратыў бул бағдардағы әмелий қәдем болады.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң жасларға байланыслы сиясатына айрықша итибар қаратылды.

– Жаслардың билим ҳәм тәжирийбесин раўажландырыў бойынша ҳәрекетлеримизди бирлестириў, оларды жетик маман кадрлар етип таярлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усы бағдардағы халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында Орайлық Азия жаслары имканиятларын кеңейтиў ҳәм олардың потенциалын жүзеге шығарыў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиздеги талантлы жаслар ушын илим ҳәм билимлендириў тараўында Ал-Хорезмий, Фарабий, Жомий, Мақтумқулы, Шынғыс Айтматов сыяқлы Орайлық Азия регионынан жетилисип шыққан уллы ойшыллар, илимпаз ҳәм философлар атындағы регионаллық грант ҳәм стипендияларды шөлкемлестириў әҳмийетли, деп есаплаймыз,-деди Өзбекстан Президенти.

Қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди. Қәўипсизлик мәселелери бойынша мәмлекетлеримиздиң Қәўипсизлик кеңеслериниң хаткерлери тәрепинен муўапықластырып барылатуғын турақлы мәжилислерди өткериў ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатланды.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң шегараларын қорғаў ҳәм беккемлеў бойынша Мәмлекетлераралық бағдарламаны ислеп шығыў сондай-ақ, Айрықша жағдайлар бойынша прогнозлар етиў, олардың алдын алыў, ерте ескертиў ҳәм оларға биргеликте қарсы турыў бағдарында Регионаллық системаны қәлиплестириў басламасы алға қойылды.

Орайлық Азиядағы қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа тиккелей тәсир көрсететуғын ең тийкарғы факторлардан бири Аўғанстандағы жағдай болып есапланады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан буннан былай да аўған халқына зәрүр жәрдем көрсетеди, усы мақсетте Термиздеги халықаралық хабты гуманитарлық жәрдем ушын усынады, аўған пуқараларын арнаўлы шөлкемлестирилген билимлендириў орайында оқытыўды даўам еттиреди.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыў менен бирге Аўғанстанның ишки транспорт жолларын тиклеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, аўған тәрепи менен шегаралар қәўипсизлиги, суўдан пайдаланыў ҳәм саўда-сатықты раўажландырыў мәселелери бойынша пикирлесиў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Мәсләҳәт ушырасыўларының жумыслары бойынша Миллий муўапықластырыўшылар кеңесин шөлкемлестириў усынысын қоллап-қуўатлады ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етти.

Өзбекстан басшысы ушырасыў нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликти және де беккемлеўге, кең көлемдеги регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететутығынына исеним билдирди.

Саммитте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан басшылары шығып сөйледи, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери саммит қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

Илаж жуўмағында төмендеги ҳүжжетлер қабыл етилдиҮ Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының бесинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары бойынша биргеликтеги билдириў, Қазақстан Республикасы, Қырғыз Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында жасларға байланыслы сиясаттың улыўмалық бағдарлары ҳаққында келисим, Орайлық Азияда жерүсти транспортының өз-ара байланыслылығын беккемлеў ҳаққында келисим, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларының жумыслары бойынша Миллий муўапықластырыўшылар кеңеси ҳаққында реже, 2022-2025-жыллары Орайлық Азияда саламатлық ҳәм абаданлықты қоллап-қуўатлаў ушын «жол картасы».

Буннан соң Душанбе қаласындағы Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде рәсмий илажлар, концерт ҳәм регион мәмлекетлеринде ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбеси болып өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм ҳүрметли мийман – Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердмуҳамедовты Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ҳүрметли нышаны менен сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

Ҳүрметли нышан 2021-жылы Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының үшинши Мәсләҳәт ушырасыўында шөлкемлестирилген болып, оның менен регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша үлес қосқан шахслар сыйлықланады.

Соң жетекшилер «Кўҳи Борбад» сарайында мәмлекетлеримиз көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы «Дослық ақшамы» концерт бағдарламасын биргеликте тамашалады.

Фольклор-этнографиялық жәмәәтлер ҳәм эстрада артистлериниң шығыўы, миллий қосық ҳәм аяқ-ойынлар халықларымыздың туўысқанлығы сондай-ақ, мәдений уқсаслықтың айқын көриниси болды.

Илажлар бағдарламасы «ЭКСПО Орайлық Азия 2023» көргизбесине сапар менен даўам етти. Ол жерле Президентлерге регионда ислеп шығарылып атырған тийкарғы түрдеги өнимлер таныстырылды.


«Made in Uzbekistan» бөлиминде елимиздиң зергерлик, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, электротехника, фармацевтика, қурылыс материаллары санааты, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы ҳәм туризм тармақларының имканияты сәўлеленген.

Көргизбеден Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан өнимлери де орын алған. Экспозицияның улыўма майданы 1800 квадрат метрден артық.


Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңбериндеги концерт, Ҳаял-қызлардың пикирлесиў ушырасыўы, экономикалық форум, өнимлер көргизбеси, транспорт министрлериниң ушырасыўы, ректор ҳәм илимпазлар форумы ҳәм усы күнлери Душанбеде өтип атырған басқа да мәдений-гуманитарлық илажлар Президентимиздиң басламасы менен жолға қойылған саммит сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенинен дәрек береди.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тәжикстанға әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА