Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола, 14-сентябрь күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Сапардың бағдарламасына муўапық Душанбе қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшыларының мәжилиси болып өтеди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериўи ҳәм басқа да илажларда қатнасыўы нәзерде тутылған.



Қарақалпақстан хабар агентлиги