Усы жыл 4-сентябрь күни республикамыздың барлық мектеплеринде “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” сүрени астында “Биринши қоңыраў” жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласындағы 1-cанлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыӯма орта билим бериӯ мектебинде болып өткен илажға қатнасты.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы,  сондай-ақ, бүгинги умытылмас күн – жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.



Соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип камалға келтириў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-август күни мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыўшы орнын көбейтиў ҳәм муғаллимлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, “Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады”, деген ийгиликли идея тийкарында усы тараўда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Соңғы жыллары жүзлеген заманагөй мектеплер қурылды. Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери турмысымызға кирип келди, қәнигелестирилген мектеплер тармағы кеңейтилди. Муғаллим ҳәм тәрбияшылардың мийнет шараятларын жақсылаў, маманлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Буннан кейин жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылды.

Усы мектептиң 1-класына қабыл етилген 230 оқыўшыға 12 түрдеги оқыў қуралларынан ибарат “Президент саўғалары” тапсырылды.

Республикамыздың басшысы мектепте оқыўшы-жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты ҳәм  “Ғәрезсизлик сабағы”нда қатнасты.




Қарақалпақстан хабар агентлиги