Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-майдағы «Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң халықты исбилерменликке тартыў қоры қаржылары есабынан субсидиялар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў туўралы» қарары  тийкарында республикамызда бир қатар ислер әмелге асырылып келинбекте.

Усы қарар талаплары тийкарында Шоманай районында көплеген жумыссыз пуқаралар кәсип-өнерге оқытылып, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен мәмлекетлик субсидия тийкарында замангөй үскенелер тапсырылды.

Оған Шоманай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Бекбергенов илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қутлықлап, субсидия тийкарында өзлерине зәрүр болған әсбап-үскенелерди алып атырған жаслардың алдағы ислерине табыслар тиледи.

Илажда субсидия тийкарында заманагөй тигиў машиналарын алып, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар да шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған бундай қоллап-қуўатлаў ушын елимиз басшылары ҳәм ҳәким жәрдемшилерине өз миннетдаршылықларын билдирди.

-Мен Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынында жасайман,-дейди Айдос Қалымбаев.-Өзимди-өзим жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде, 2 айлық кәсип-өнерге үйретиў курсында оқып, арнаўлы сертификатқа ийе болдым ҳәм аймағымыздағы ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында шаштарезхана ушын керекли үскенелер алыўға миясар болдым. Буның ушын Президентимизге ҳәм район басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы