Әзелден илим-билим ҳәм мәденият орайларының бири есапланған Шымбай районында да билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде, соңғы ўақытлары аймақ оқыўшылары пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў  ҳәм спорт жарысларында бир қатар табысларды қолға киргизип келмекте.

Халқымызда «Шөжени гүзде санаймыз»-деген әжайып мақал бар. Бул мақал астарлы түрде мектеп билимлендириўи тараўы хызметкерлерине айтылғандай түйиледи. Себеби,  әйне ҳәзирги ўақытта билимлендириў тараўында исленген жумыслар көзге түсетуғын мәўрит болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Шымбай районындағы қәнигелестирилген мектебиниң жәмәәти бул сынақтан, ақ жүзли, абырайлы болып өтти десек болады.

Атап айтатуғын болсақ, быйылғы оқыў жылында мектепти 32 оқыўшы питкерип шыққан болса, олардың барлығы да өзлериниң билимге болған умтылысы ҳәм устазларының жалықпастан берген тыянақлы билиминиң нәтийжесинде, мәмлекетлик тест сынақларынан сүрникпестен өтип, жоқары оқыў орынларының студентлери болыў бахтына мияссар болды.

Соның ишинде, усы питкериўшилер арасынан 20 оқыўшы мәмлекетлик грант тийкарында (62,5%), 12 оқыўшы тѳлемли-шәртнама тийкарында (37,5%) жоқары оқыў орынларына қабыл етилди.

Бизлер де өз гезегинде мектеп жәмәәтин, питкериӯшилерин ҳәм олардың ата-аналарын бул үлкен табыслары менен қызғын қутлықлап, рахмет сизлерге әзиз устазлар! деймиз.

Сондай-ақ, бундай табысқа Әмиўдәрья районындағы 56-санлы мектептиң 11- вариатив класс питкериӯшилери де еристи. Атап айтқанда, бул классты быйыл 25 оқыӯшы питкерген болса, соннан 14 оқыўшы грант тийкарында, 11 оқыӯшы төлемли-шәртнама тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы