Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде еки мәмлекет арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Түркия басшысы Өзбекстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, халқымызға тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Президентлер жоқары дәрежедеги келисимлер орынланыўының барысын көрип шықты. Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисине пуқта таярлық көриў зәрүр екенлигине итибар қаратты.
Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында еки мәмлекет жетекши компания ҳәм кәрханаларының санаат кооперациясы бойынша перспективалы жойбарлардың жаңа портфелин биргеликте ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА