ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңбериндеги илаж өткерилди.
Илаж даўамында райондағы көп тармақлы шаңарақлық поликлиникада ҳаял-қызлар ушын бийпул медициналық хызмет көрсетиў жумыслары шөлкемлестирилип, онда жоқары маманлықтағы тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўлер өткерилип, ҳаял-қызларға тийисли мәсләҳәтлер берип барылды.
Шыпакерлер тәрепинен көриниўге келген ҳәр бир ҳаял-қыз бенен жеке сәўбетлесиўлер өткерилди. Сәўбетлесиў даўамында денсаўлығы бойынша медициналық түсиниклер, турақлы түрде мүрәжат етип турыўы ҳәм турақлы байланыста болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Илаж жуўмағында ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Р.Юлдашева тәрепинен медицина хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилип, ҳаял-қызларымыздың денсаўлығының беккем болыўы оғада әҳмийетли екенлигин атап өтип, алдағы ўақытлары да бирге ислесиўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги