Көпшилик спорт жанкүйерлерине белгили болғанындай жақында республикамыздың барлық жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында өткерилген «Универсиада-2022» спорт жарысларының жуўмақлаўшы басқышында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы улыўма командалық есапта 3-орынды ийелеген еди.

Әлбетте, өткерилген бул жарысларда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслары да өзлериниң белсендилигин көрсетип, республикамыз сайланды командасының сыйлы орынды ийелеўине өзлериниң салмақлы үлесин қосқан еди.

Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Универсиада-2022» спорт жарысларында жеңимпаз болған спортшылар ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.




Онда университет ректоры А.Реймов сөзге шығып, елимизде Президентимиз тәрепинен жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат болып өсиўи, соның менен бирге, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм ғалабалық спортқа қамтып алыў бойынша әмелге асырылып атырған ислер ҳаққында айтып, барлық илаж қатнасыўшыларын сайланды командамыздың ерискен жетискенликлери менен қызғын қутлықлады ҳәм оларға Ҳүрмет жарлығы менен естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы