Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ) сайлаўды бақлаў миссиясы басшысы Урсула Гачек пенен ушырасты.

Ушырасыўда нызам дөретиўшилиги процесин жетилистириў тараўында ЕҚБШ ДИИҲБ менен бирге ислесиўди тереңлестириў, сондай-ақ, болажақ Президентлик сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сайлаў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға турақлы түс бериўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сайлаў нызамшылығын ҳәм сайлаўларды шөлкемлестириў механизмлерин жетилистириў бойынша усынысларды әмелге асырыўда нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша пикир алысылды. Сайлаў нызамшылығын демократияластырыўдың ҳәр қыйлы тәреплери бойынша бирге ислесиў ҳәм өз-ара байланысларды және де тереңлестириўге ҳәр еки тәреп те таяр екенлигин атап өтти.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы