Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Модидиң мирәт етиўине бола 4-июль күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларының видеоконференция тәризинде өтетуғын гезектеги мәжилисинде қатнасады.

Саммит күн тәртибине муўапық, ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў, шөлкемниң жумысын кеңейтиў ҳәм жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Ушырасыў жуўмағында ШБШ мәмлекетлериниң басшылары тәрепинен экономикалық бирге ислесиў, санлы трансформация, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, мәдений-гуманитарлық тараў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлар бойынша бир қатар қарарлардың қабыл етилиўи күтилмекте.

ӨзА