Елимизде жаңа форматтағы “O’zbekiston 24”  мәлимлеме-талқылаў  телерадиоканалы жумыс баслады

         2017-жыл 24-июль. Саат 10:00. Әйне усы сәнеден ҳәм минутлардан елимиздиң миллий мәлимлеме сегментинде әҳмийетли ўақыя жүз берди: жаңа форматтағы “O’zbekiston 24”  мәлимлеме-талқылаў  телерадиоканалы жумыс баслады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 2-майдағы қарарына муўапық жаңа телерадиоканал Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясының «Диёр» телеканалы ҳәм «Тошкент» радиоканалы частоталарында эфирге шықты. Көрсетиўлер менен еситтириўлер өзбек, орыс ҳәм инглис тиллеринде таярланып, сутка даўамында дерлик толық жанлы эфирде узатылмақта.

“O’zbekiston 24” телеканалы, радиоканалы ҳам uzbekistan24.uz сайтынан ибарат бул жаңа ғалаба хабар қуралы елимизде ҳәм сырт еллерде жүз берип атырған ўақыяларды оператив, сапалы, қалыс ҳәм исенимли сәўлелендириўде, оларға объектив баҳа берип, халықтың болып атырған ўақыялар ҳаққындағы  дурыс ҳәм исенимли дүньяқарасын қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Кәсиплеслеримиздиң жаңа форматтағы биринши жумыс күни менен жақыннан танысыў мақсетинде “O’zbekiston 24”  телерадиоканалында болдық.

Телевидениеде ямаса радиоканалларда эфирге таярлық процесине көп гүўа болғанбыз. Аўа, әйне таярлық процесине! Бирақ, МТРКның Медиаорайындағы бүгинги процесс улыўма басқаша – студияларда жанлы эфир кетпекте. Ҳәзир усы демде студияда айтылып атырған барлық пикир-усыныслар, көринислер менен даўыслар пүткил дүньяға узатылмақта. Ҳеш қандай қәлип ямаса шаблон жоқ.

Көзлер жарқырап тур. Қәўетер де бар. Жуўапкершилик күшли. Әйне пайытта жеке жуўапкершиликти өзине алыўдан ҳәм қәте ислеўден қорықпаў, өзине исенимниң жүз-көзлердеги, ҳәрекетлердеги көриниси сизге де жуғады. Себеби бул күнлерди бәримиз әрман еткен едик.

“O’zbekiston 24” радиоканалының дәслепки эфирин бас редактор Дилшод Буриев ҳәм баслаўшы Шаҳноза Қурбонова ашып берди.

– Негизги демократия, ҳақыйқатлық салтанатын, ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық түсиниклерин бүгин ҳәр қашанғыдан да тереңирек аңладым, – дейди Д.Буриев. – Теманы өзиңиз таңласаңыз, оны өзиңиз изертлесеңиз, талантты  шаблонға бийимлестириў, «сораўларыңды көрип берейин, мине мынаны айт ямаса мынаны айтпа» сыяқлы көрсетпелер болмаса, эфирди сизге толық исенип тапсырса – дөретиўшиге буннан артық бахыт жоқ. Бул журналист ерк-ықрарының жеңиси болыўы менен бирге, әйне пайытта дөретиўшилик потенциалының әҳмийетли сынақтан өтиўи болып табылады. Дәслепки эфирдеги толқынланыў күшли болды. Мине, көрип турсыз, бәри жанлы болмақта. Әне, усы тиккелей пикирлесиў халқымызды жаңа шеклерге руўхландырса, олардың дәртлери менен тәшўишлерин, арзыў-нийетлерин сәўлелендире алсақ ғана, бул сынақтан жарық жүз бенен өте аламыз.

“O’zbekiston 24”  телеканалының дәслепки күнги эфиринде жаңалықлар бағдарламасынан тысқары каналдың турмысынан көринислер, ТАСС, «Онадўли» сыяқлы халықаралық мәлимлеме агентликлери, елимиздеги ҳәм шет елдеги ҳәр қыйлы салалардың көзге көринген ўәкиллеринен интерьвьюлер, қутлықлаўлар да эфирге узатылды.

– Ең соңғы медиатехнологиялар, заманагөй стандартлар ҳәм креатив дөретиўшилик қатнасықларды енгизиў арқалы телебағдарламалардың жоқары профессионаллық ҳәм көркемлик дәрежесин тәмийинлеўге ҳәрекет етип атырмыз, – дейди “O’zbekiston 24” мәлимле-талқылаў телерадиоканалы директорының биринши орынбасары Раҳимжон Маҳкамов. – Тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири – елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясат мәселелери бойынша объектив ҳәм принципиал көз қарасын есапқа алған ҳалда заманагөй тенденциялар, ўақыялар менен ҳәдийселерге өз ўақтында ҳәм дурыс қатнас билдириўден ибарат. Бунда мәмлекетлик ведомстволар менен шөлкемлердиң халық пенен тиккелей ашық пикирлесиўди жолға қойыўына көмеклесиледи. Пуқаралардың ең әҳмийетли машқалалары менен орынлардағы тийкарғы мәселелер додаланып, оларды шешиў ушын шолыўшылар, экспертлер жәмийетшилиги ҳәм академиялық топарлардың ўәкиллери тартылады.

Және бир әҳмийетли ўақыя: «Россия 24» телеканалының жанлы эфиринде Өзбекистанның жаңа мәлимлеме-талықлаў телерадиоканалының жумысы туўралы көринис көрсетилди.

– “O’zbekiston 24” жәмәәтиниң үлкен таярлық көргени билинип тур, бул жаңа телерадиоканалдың жумыс баслаўы елимиздиң халықаралық мәлимлеме дүньясына белсенди интеграцияласыўына қарай қойылған үлкен бир әҳмийетли қәдем болды, – дейди «Россия 24» телеканалының арнаўлы хабаршысы Роберт Францев. – Жанлы эфир – оғада қыйын процесс, бунда пүткил жәмәәт бирден-бир мақсет жолында бирлессе, гөзленген мақсетке ерисиледи. Бүгин өзбекистанлы кәсиплеслеримиздиң мийнетлеринде әйне усы тәрепти көрип атырмыз. Әҳмийетлиси, старт әўметли шықты. Бул келешектеги жумыстың раўажланыўында әҳмийетли тийкар ўазыйпасын атқарады.

“O’zbekiston 24” мәлимлеме-талқылаў телерадиоканалының рәсмий сайты –  uzbekistan24.uzда  телерадиобағдарламалар онлайн узатылмақта. Усы сайт социаллық тармақларда өзиниң рәсмий бетине ийе. Телебағдарламалар «Youtube» порталына орналастырылмақта.

“O’zbekiston 24” телеканалы SD ҳәм HD форматларында санлы эфир социаллық пакетине киргизилген. Оның HD форматындағы трансляциясы елимизде усы форматқа толық өтилиўине шекем параллел түрде  UzHD каналында да әмелге асырылмақта. Жақын перспективада дүньяның 9 елинде усы телеканалдың арнаўлы хабаршылары жумыс баслайды.

– Жаңа форматтағы бул телерадиоканал – елимиздиң мәлимлеме аймағында усындай миллий медиа структурасына болған үлкен талаптың өними ҳәм әлбетте, Өзбекистанда әмелге асырылып атырған динамикалық реформалардың жемиси, дейди Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы баслығының биринши орынбасары Бобир Алихонов. – Шынын айтқанда, кейинги жылларда журналистлеримизде дөретиўшилик жалқаўлық ҳәм ийек сүйеўшилик, пресс-релизлерди көшириўге шеберлик, жоқарыдан тапсырма күтиў, жеке басламаның жетилиспеўшилиги, пикирлеўдиң шаблонда қатып қалыўы көп бақланып атырған еди. Журналистиканың раўажланыўдан тоқтаўы басқа да салалардың раўажланыўына да тәсир етеди. Сөз еркинлигиниң әмелде тәмийинлениўи елимиз турмысындағы көплеген машқалалардың әмелий шешиминде үлкен әҳмийетке ийе.

… Бүгин тез пәтлер менен өзгерип атырған турмыстың өзи бәримизден исенимли ҳәрекетлерди, белсенди басламаларды, барлық салада адалатлы қатнасты талап етпекте. Басқаша жасаўға хақымыз жоқ. Буған турмыстың өзи жол қоймайды.

Умид ЁҚУБОВ,

ӨзАның хабаршысы